Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Шимон Петрден:
– Юхан улы Шимон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады.
– Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр.
Ийса оған:
– Қозыларымды отлат, – деди.
Ийса екинши мәрте оннан:
– Юхан улы Шимон, Мени сүйесең бе? – деп сорады.
Петр Оған:
– Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди.
Ийса оған:
– Қойларымды бақ, – деди.
Үшинши мәрте Ийса оннан:
– Юхан улы Шимон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады.
Петр Оның өзинен үшинши мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды.
– Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр.
Ийса оған былай деди:
– Қозыларымды отлат.