Лого на YouVersion
Иконка за търсене

Юхан 19

19
Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи
1Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды. 2Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына кийгизди. Соңынан Оған шым қызыл шапан жапты. 3Алдына келип:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды.
4Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге:
– Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди.
5Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға:
– Мине, бул Адам! – деди.
6Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны көргенде:
– Оны атанақ ағашқа шегелет, шегелет! – деп бақырысты.
Пилат оларға:
– Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Өйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди.
7Яҳудий басшылары оған жуўап берип:
– Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол өлиўи шәрт. Себеби Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады, – деди.
8Пилат бул сөзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти. 9Қайтадан сарайына кирип, Ийсадан:
– Сен қай жерденсең? – деп сорады.
Бирақ Ийса оған жуўап бермеди. 10Пилат Оған:
– Мениң менен сөйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди.
11Ийса жуўап берип:
– Саған Қудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди.
12Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары:
– Бул Адамды азат қылсаң, Рим императорының досты емессең. Өзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам императорға қарсы болады, – деп бақырысты.
13Пилат бул сөзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды. 14Таярлық күни, Қутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге:
– Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди.
15Бирақ олар бақырысып:
– Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди.
Пилат оларға:
– Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди.
– Бизлердиң Рим императорынан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер.
16Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды.
Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи
(Мат 27:32-44; Мрк 15:21-32; Лук 23:26-43)
Әскерлер Ийсаны алып кетти. 17Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди. 18Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди.
19Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди. 20Яҳудийлердиң көбиси бул жазыўды оқыды. Өйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди. 21Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди:
– «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Өзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз.
22– Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат.
23Әскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның кийимин алды ҳәм оны төрт бөлекке бөлип, ҳәр қайсысы бир бөлектен алды. Көйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди.
24Сонлықтан әскерлер бир-бирине:
– Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди.
Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:
«Кийимлеримди өз ара бөлисти,
Липасларым ушын шек таслады»#19:24 Заб 21:19..
Әскерлер усы айтылғанды иследи. 25Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди. 26Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына:
– Апа, мине, сениң улың, – деди.
27Кейин шәкиртине:
– Мине, бул сениң анаң, – деди.
Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды.
Ийсаның жан тапсырыўы
(Мат 27:45-56; Мрк 15:33-41; Лук 23:44-49)
28Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын#19:28 Заб 21:16; 68:22.:
– Шөллеп турман! – деди.
29Сол жерде сирке суўына толы бир гүзе тур еди. Әскерлер сорғышты оған батырып алып, майоран шөби#19:29 Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик. шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты. 30Ийса оны татып көрип:
– Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды.
31Бул таярлық күни#19:31 Таярлық күни – жума күни. еди. Ертеңги күн Қутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша Шаббат күни#19:31 Шаббат күни – шемби күни. болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып#19:31 Аяқларын сындырып – олардың тезирек өлиўи ушын солай исленген., денелерди алып таслаўды сорады. 32Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады. 33Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады. 34Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты. 35Буны көрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол өзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди. 36Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды»#19:36 Шығ 12:46; Сан 9:12; Заб 33:21., – деген Мухаддес Жазыўдағы сөзлердиң орынланыўы ушын болды. 37Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Өзлери найза менен тескен Адамға қарайды»#19:37 Зхр 12:10., – делинген.
Ийсаның қәбирге қойылыўы
(Мат 27:57-61; Мрк 15:42-47; Лук 23:50-56)
38Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти. 39Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа#19:39 Жүз қадақ – жүз «литра» (грек аўырлық өлшеми). Шама менен 34 кг. жақын мирра#19:39 Мирра – хош ийисли шайыр. менен алоэ араласпасын алып келди. 40Яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, олар Ийсаның денесин хош ийисли затлар себилген зығыр кепинге орады. 41Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди. 42Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.

Избрани в момента:

Юхан 19: КркМК22

Маркирай стих

Споделяне

Копиране

None

Искате ли вашите акценти да бъдат запазени на всички ваши устройства? Регистрирайте се или влезте