Сонда Петр оған былай деди:
– Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бөлегин өзиңе алып қалдың? Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Қудайды алдадың-ғо.
Ханания бул сөзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.