1
Юхан 19:30
Жаңа Келисим
Ийса оны татып көрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды.
Compare
Explore Юхан 19:30
2
Юхан 19:28
Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шөллеп турман! – деди.
Explore Юхан 19:28
3
Юхан 19:26-27
Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Өзиниң сүйикли шәкиртин көргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди. Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны өз үйине алды.
Explore Юхан 19:26-27
4
Юхан 19:33-34
Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады. Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты.
Explore Юхан 19:33-34
5
Юхан 19:36-37
Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды», – деген Мухаддес Жазыўдағы сөзлердиң орынланыўы ушын болды. Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Өзлери найза менен тескен Адамға қарайды», – делинген.
Explore Юхан 19:36-37
6
Юхан 19:17
Ийса Өз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди.
Explore Юхан 19:17
7
Юхан 19:2
Әскерлер тикенли шыбықлардан таж өрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди.
Explore Юхан 19:2
Home
Bible
Plans
Videos