1
Юхан 6:35
Жаңа Келисим
Ийса оларға былай деди: – Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди.
Compare
Explore Юхан 6:35
2
Юхан 6:63
Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир.
Explore Юхан 6:63
3
Юхан 6:27
Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди.
Explore Юхан 6:27
4
Юхан 6:40
Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
Explore Юхан 6:40
5
Юхан 6:29
– Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
Explore Юхан 6:29
6
Юхан 6:37
Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман.
Explore Юхан 6:37
7
Юхан 6:68
Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар.
Explore Юхан 6:68
8
Юхан 6:51
Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем.
Explore Юхан 6:51
9
Юхан 6:44
Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен.
Explore Юхан 6:44
10
Юхан 6:33
Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди.
Explore Юхан 6:33
11
Юхан 6:48
Мен – өмир наныман.
Explore Юхан 6:48
12
Юхан 6:11-12
Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди. Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
Explore Юхан 6:11-12
13
Юхан 6:19-20
Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
Explore Юхан 6:19-20
Home
Bible
Plans
Videos