Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма «мынаны исле» десем, ислейди.
Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып:
– Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.