Юхан 15
15
Он бесинши бап
Жүзим ағашы ҳәм оның шақалары
1– Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман. 2Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. 3Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар. 4Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар.
5Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар. 6Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады. 7Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. 8Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар.
9Әкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар. 10Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. 11Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым. 12Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер. 13Дослары ушын өз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ. 14Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар. 15Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Өйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Әкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим. 16Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди. 17Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!
Дүньяның жек көриўи
18– Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. 19Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди. 20Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сөзимди тыңласа, сизлердиң сөзлериңизди де тыңлайды. 21Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди. 22Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ. 23Мени жек көрген адам Мениң Әкемди де жек көрген болады. 24Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди көрсе де, Мени де, Әкемди де жек көрди. 25Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек көрди»#15:25 Забур 34:19; 68:4., – деген сөзлердиң орынланыўы ушын болды.
26Әкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Әкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди. 27Сизлер де гүўалық бересизлер. Өйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер.
Currently Selected:
Юхан 15: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004