YouVersion Logo
Search Icon

Юхан 17

17
Он жетинши бап
Ийсаның Өзи ушын дуўа етиўи
1Ийса бул сөзлерди айтып болғаннан соң, көзлерин аспанға тигип былай деди:
– Әке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла. 2Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик өмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң. 3Мәңгилик өмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Қудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў. 4Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым. 5Әке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Өзиңниң алдыңда уллыла.
Ийсаның шәкиртлери ушын
дуўа етиўи
6– Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени#17:6 Сөзбе-сөз: Сениң атыңды. ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сөзлериңди орынлады. 7Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды. 8Өйткени Маған берген сөзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди. 9Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники. 10Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым. 11Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Әке, Маған берген Өз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын. 12Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды.
13Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сөзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман. 14Мен оларға Сениң сөзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек көрди. Өйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 15Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман. 16Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес. 17Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сөзиң – ҳақыйқат. 18Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим. 19Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Өзимди олар ушын бағышлайман#17:19 Ямаса: мухаддес қыламан..
Ийсаның барлық исениўшилер ушын
дуўа етиўи
20– Мен тек олар ушын емес, ал олардың сөзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман: 21олардың ҳәммеси бир болсын. Әке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын. 22Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим. 23Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын.
24Әке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да көриўин қәлеймен.
25Әдил Әке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи. 26Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен.

Currently Selected:

Юхан 17: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in