Юхан 8
8
Сегизинши бап
Бузықшылықта усланған ҳаял
1Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти. 2Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады. 3Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып:
4– Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды. 5Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған#8:5 Лебий 20:10; Мухаддес Нызамды қайталаў 22:22-24.. Сен не дейсең? – деди.
6Олар бул сөзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты.
Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди. 7Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип:
– Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди.
8Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди.
9Олар бул сөзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды. 10Ийса орнынан турып, ҳаялға:
– Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди.
11– Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял.
Ийса оған:
– Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди.
Ийса – дүньяның нуры
12Ийса және халыққа былай деди:
– Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады.
13Сонда парисейлер Ийсаға:
– Сен Өзиң ҳаққында Өзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди.
14Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Өйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер. 15Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен. 16Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Әкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз. 17Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс»#8:17 Мухаддес Нызамды қайталаў 17:6; 19:15., – деп жазылған-ғо. 18Мен Өзим ҳаққында Өзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Әкем де гүўалық береди.
19Сонда олар Ийсадан:
– Сениң Әкең қаяқта? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Сизлер Мени де, Мениң Әкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Әкемди де билер едиңлер, – деди.
20Ийса бул сөзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, өйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
21Ийса оларға және:
– Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ өз гүналарыңыз бенен өлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди.
22Сонда яҳудий басшылары өз ара:
– Ол Өзин Өзи өлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести.
23Ийса оларға былай деди:
– Сизлер төменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен. 24Сонлықтан Мен: «Сизлер өз гүналарыңыз бенен өлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол#8:24 Сол – «Өз-Өзинен бар болған» деген мәнисте. Ески Келисимде Қудай Өзин усылай атаған. екениме исенбесеңлер, өз гүналарыңыз бенен өлесизлер.
25Сонда олар Ийсадан:
– Сен кимсең? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман. 26Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын көп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сөйлеймен, – деди.
27Олар Ийсаның Әке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди. 28Солай етип, Ийса былай деди:
– Адам Улын жоқары көтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Әкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар. 29Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Өйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен.
30Ийса бул сөзлерди айтқанда, Оған көп адамлар исенди.
Ибрайымның урпақлары
31Сол ўақытта Ийса Өзине исенген яҳудийлерге:
– Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар. 32Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди.
33– Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар.
34Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы. 35Қул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады. 36Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар. 37Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени өлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сөзим кеўлиңизден жай алмайды. 38Мен Әкемнен көргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер.
39Олар Ийсаға жуўап берип:
– Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести.
Ийса оларға:
– Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер. 40Бирақ енди Мени, Қудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды өлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди. 41Сизлер өз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди.
– Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Әкемиз бар, Ол – Қудай, – деп жуўап берди олар.
42Ийса оларға былай деди:
– Егер Қудай сизлердиң Әкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Өйткени Мен Қудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Өзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди. 43Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сөзимди тыңлай алмайсызлар. 44Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси. 45Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар. 46Қайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар? 47Ким Қудайдан болса, Қудайдың сөзлерин тыңлайды. Ал сизлер Қудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар.
Ийса ҳәм Ибрайым
48Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип:
– Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди.
49Ийса жуўап берип былай деди:
– Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Әкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар. 50Мен Өзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар. 51Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди.
52Яҳудийлер Ийсаға:
– Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар өлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди», – деп атырсаң. 53Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да өлип кеткен. Сен Өзиңди ким деп санайсаң? – деди.
54Ийса жуўап берип былай деди:
– Егер Мен Өзимди Өзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Қудайымыз» деп атайтуғын Мениң Әкем. 55Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы өтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сөзин орынлайман. 56Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳәм көрип шадланды.
57Яҳудийлер Ийсаға:
– Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды көрдиң бе? – деди.
58Ийса оларға:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди.
59Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.
Currently Selected:
Юхан 8: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004