Юхан 9:2-3
Юхан 9:2-3 KRKNT
Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады. Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды.