Елшилер Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул китапты Лука жазған. Ол елшилер менен жақсы таныс болып, елши Павелдиң көп сапарларында оған жолдас болған. Китапта бизиң эрамыздың І әсириниң орталарында пайда болған биринши исениўши жәмәәтлердиң 30 жыл ишиндеги тарийхы айтылады.
Бул китап Лука жазған Хош Хабардың даўамы болып, елшилердиң хызметлериниң ҳәм биринши жәмәәтлер арқалы Қудайдың ислериниң даўам етип атырғанын көрсетеди.
Және де, бул төрт Хош Хабарды ҳәм елшилердиң хатларын байланыстырыўшы көпир болып, елшилер Петр ҳәм Павелдиң хызмети ҳаққында ҳәм исениўши жәмәәтлерге жазылған жаңа келисимдеги хатлар жазылған ўақытта қандай жағдай болғаны ҳаққында мағлыўмат береди.
Китаптағы ўақыялар Ерусалимнен баслап Римге дейинги аралықта болып өтеди. Луканың бул китапты жазғандағы мақсети тек исениўши жәмәәтлердиң тарийхын жазып қалдырыў емес, ал Ийса Масийхтың Хош Хабарының пүткил дүньяға тарқатылыўы ушын Мухаддес Руўхтың исениўшилер арқалы нелер ислегенин көрсетиўден ибарат еди. Өйткени Ийемиз Ийсаның Өзи: «Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар», – деген еди (1:8).
Ҳәзир де Мухаддес Руўх Ийса Масийхқа тийисли исениўши жәмәәтлер арқалы солай ис алып бармақта.
Currently Selected:
Елшилер Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy
![None](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fimageproxy.youversionapistaging.com%2F58%2Fhttps%3A%2F%2Fweb-assets.youversion.com%2Fapp-icons%2Fen.png&w=128&q=75)
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022