YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 1

1
Израиллылардың Мысырда азап шегиўи
1Яқып пенен бирге хожалықлары менен Мысырға келген Израил#1:1 Израил – Қудай Яқыпқа Израил атын берген еди. Жар 32:28. улларының атлары мыналар еди: 2Рубен, Шимон, Лебий, Яҳуда, 3Иссахар, Зебулон, Бенямин, 4Дан, Нафталий, Гад ҳәм Ашер. 5Яқыптың урпағынан шыққанлар барлығы болып жетпис адам еди. Ал Юсуп әлле қашан Мысырда еди.
6Ўақты келип, Юсуп, оның туўысқанлары ҳәм сол әўладтың ҳәммеси дүньядан өтти. 7Бирақ Израил урпақлары өсип-өнип, барған сайын оғада көбейип, күшейгени соншелли, Мысыр ели оларға толып кетти.
8Сол ўақытта Мысыр тахтына Юсупти танымайтуғын жаңа патша отырды. 9Патша өз халқына: «Минекей, Израил халқының саны жүдә көбейип, күшли болып баратыр. 10Келиңлер, көбейип кетпеўи ушын оларға қарсы ҳийле қолланайық. Болмаса, урыс болған жағдайда, олар душпанларымызға қосылып кетиўи ҳәм бизлерге қарсы урысып, елимизден кетип қалыўы мүмкин», – деди.
11Солай етип, мысырлылар израиллыларға аўыр жумысларды ислетип, езиў ушын, олардың үстинен қул жумсайтуғын басшыларды тайынлады. Израиллылар фараон ушын Питом ҳәм Рамсес деген телеклери бар қалаларды салды. 12Деген менен, мысырлылар израиллыларды қаншелли езген сайын, олар соншелли көбейип, артып барды. Сонда мысырлылар қорқынышқа түсип, 13израиллыларды аяўсыз түрде жумыс ислеўге мәжбүрледи. 14Оларды ҳәр түрли атыз жумысларын, ылай соғыў ҳәм гербиш қуйыўдай аўыр жумысларды ислеўге аяўсыз мәжбүрлеп, турмысын қыйынластырды.
15Мысыр патшасы Шифра ҳәм Пуўа деген еврейлердиң киндик шешелерине буйырып:
16– Еврей ҳаялларын туўдырып атырғаныңызда, дыққатлы болың: егер ул туўылса, өлтириң, ал егер қыз туўылса, тири қалдырың, – деди. 17Бирақ киндик шешелер Қудайдан қорқатуғын еди. Сонлықтан олар Мысыр патшасының айтқанын ислемей, ул балаларды тири қалдырды. 18Сонда Мысыр патшасы киндик шешелерди шақыртып алып:
– Неге булай ислеп атырсызлар? Неге ул балаларды тири қалдырып атырсызлар? – деп сорады. 19Киндик шешелер оған жуўап берип:
– Еврей ҳаяллары мысырлы ҳаялларға уқсамайды. Олар жүдә қарыўлы болып, бизлер бармастан алдын-ақ, туўып алады, – деди.
20Бул иси ушын Қудай киндик шешелерге жақсылық иследи. Ал Израил халқы көбейип, барған сайын күши артып барды. 21Өзинен қорққаны ушын, Қудай киндик шешелерге урпақ берди.
22Соннан кейин, фараон өзиниң пүткил халқына: «Еврейлердиң туўылған ҳәр бир ул баласын Нил дәрьясына таслаңлар, ал қыз балаларын тири қалдырыңлар», – деп буйырды.

Currently Selected:

Шығыў 1: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in