YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 16:3-4

Шығыў 16:3-4 КРКМК22

оларға былай деп тоңқылдады: – Қәнекей, Мысырда-ақ Жаратқан Ийениң қолынан өлип қоя қойғанда болар еди. Ҳеш болмаса, ол жерде гөш салынған қазанлардың қасында отырып, тойғанымызша нан жер едик. Бирақ сизлер пүткил халықты ашлықтан өлтириў ушын, бизлерди усы шөлге алып келдиңиз. Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мине, Мен сизлерге аспаннан нан жаўдыраман. Халық ҳәр күни шығып, бир күнлик нанын жыйнап алсын. Усылайынша Мен оларды сынап, олардың Мениң көрсетпелерим бойынша жасайтуғынын ямаса жасамайтуғынын көрежақпан.