YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 17

17
Жартастан аққан суў
1Соңынан Израил халқының пүткил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Син шөлинен шықты да, бир жерден екинши жерге көшип-қонып жүрип, Рефидимге орналасты. Деген менен, ол жерде ишетуғын суў жоқ еди. 2Олар Муўсаға:
– Бизлерге ишетуғын суў бер, – деп урысты.
– Неге маған урысып атырсызлар? Неге Жаратқан Ийени сынап атырсызлар? – деди оларға Муўса.
3Бирақ халық шөллегенликтен, Муўсаға наразы болып:
– Бизлерди не ушын Мысырдан алып шықтың? Бизлерди, балаларымызды ҳәм малларымызды шөлден өлтириў ушын ба? – деп тоңқылдады.
4Муўса Жаратқан Ийеге дад салып:
– Бул халыққа не ислейин? Бираздан соң, олар мени тас боран қылып өлтиреди-ғо! – деди.
5Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Халықтың алдына өт. Нил дәрьясын урған таяғыңды ал да, Израил ақсақалларының айырымларын изиңе ертип, алға қарай жүр. 6Мине, Мен Хореб таўындағы бир жартастың үстинде, сениң алдыңда тураман. Сен жартасты урғаныңда, суў атлығып шығады ҳәм халық суў ишеди.
Муўса Израил ақсақалларының көз алдында солай иследи.
7Солай етип, ол сол жерди Масса#17:7 Масса – «сынаў» дегенди билдиреди. ҳәм Мериба#17:7 Мериба – «урысыў» дегенди билдиреди. деп атады. Себеби израиллылар сол жерде Муўса менен урысып: «Арамызда Жаратқан Ийе бар ма екен, я жоқ па екен?» – деп Жаратқан Ийени сынаған еди.
Амалеклердиң жеңилиске ушыраўы
8Амалеклер келип, Рефидимде израиллыларға урыс ашты. 9Сонда Муўса Ешуаға:
– Халық ишинен адамларды сайлап ал да, барып, амалеклер менен урыс. Ертең мен қолыма Қудайдың таяғын услап, төбешиктиң басында тураман, – деди.
10Ешуа Муўсаның айтқанын ислеп, амалеклер менен урысты. Сол ўақытта Муўса, Харон ҳәм Хур төбешиктиң басына шықты. 11Муўса қолын көтергенде израиллылар, ал түсиргенде амалеклер үстин келе берди. 12Бирақ Муўсаның қоллары шаршап қалды. Сонда олар бир тас әкелип, Муўсаның астына қойды. Муўса тастың үстине отырды. Бир жағында Харон, екинши жағында Хур Муўсаның қолларын жоқары көтерип турды. Қуяш батқанша, Муўсаның қоллары беккем көтерилип турды. 13Солай етип, Ешуа амалеклерди қылыштан өткизип, оларды жеңди.
14Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Естелик болып қалыўы ушын, буны китапқа жазып қой. Ешуаның қулағына қуйып қой, Мен амалеклердиң атын жер жүзинен пүткиллей жоқ қыламан, – деди.
15Муўса бир қурбанлық орын қурып, оның атын «Жаратқан Ийе мениң байрағым» деп қойды. 16Кейин ол былай деди: «Жаратқан Ийениң тахтына қарсы қол көтергени ушын, Ол әўладлар даўамында амалеклерге қарсы урысады».

Currently Selected:

Шығыў 17: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in