YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 18

18
Итроның Муўсаға келиўи
1Муўсаның қәйин атасы мидянлы руўханий Итро Қудайдың Муўса ушын ҳәм Өз халқы Израил ушын ислеген ҳәмме ислерин, Жаратқан Ийениң израиллыларды Мысырдан қалай алып шыққанын еситти.
2-3Бурын Муўса ҳаялы Сиппораны еки улы менен төркинине қайтарып жибергенде, Итро оларды қабыл еткен еди. Муўса: «Мен – жат елде келгинди адам едим», – деп, улларының бирин Гершом деп атаған еди. 4Ал екинши улына: «Ата-бабаларымның Қудайы маған жәрдем етип, мени фараонның қылышынан қутқарды», – деп, Элиезер#18:4 Элиезер – «Қудай жәрдем береди» дегенди билдиреди. деп ат қойған еди.
5Сонда Муўсаның ҳаялын ҳәм улларын ерткен қәйин атасы Итро Қудайдың таўына, Муўса қоныс басқан шөлге келди. 6Ол Муўсаға: «Мен – қәйин атаң Итроман, ҳаялың менен еки улыңды алып саған киятырман», – деп хабар жиберди.
7Муўса қәйин атасын күтип алып, оның алдында тәжим етти ҳәм оны сүйди. Олар бир-биринен ҳал-аўҳал сорасып болып, шатырға кирди. 8Муўса қәйин атасына Жаратқан Ийениң Израил халқы ушын фараон менен мысырлыларға нелер ислегенин, өзлериниң жолда көрген қыйыншылықларын ҳәм Жаратқан Ийениң оларды қалай қутқарғанын бирме-бир айтып берди.
9Итро Жаратқан Ийениң израиллыларға ислеген жақсылықларына ҳәм оларды мысырлылардың қолынан қутқарғанына қуўанды. 10Итро былай деди:
– Сизлерди мысырлылардың ҳәм фараонның қолынан қутқарып, халықты мысырлылардың мойынтырығынан азат қылған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын. 11Енди мен Жаратқан Ийениң барлық қудайлардан уллы екенин билдим. Өйткени Ол израиллыларға менменлик қатнаста болған мысырлылардан үстин шықты.
12Итро Қудайға жандырылатуғын қурбанлық ҳәм басқа қурбанлықлар әкелип берди. Харон ҳәм Израилдың пүткил ақсақаллары Муўсаның қәйин атасы менен Қудайдың алдында аўқатланыў ушын келди.
Итроның кеңеси
13Ертеңине Муўса халыққа қазылық етиў ушын өз орнына отырды. Халық азаннан кешке шекем оның алдында тик аяқта турды.
14Қәйин атасы Муўсаның халыққа қылған бул исин көрип:
– Халыққа бул не ислегениң? Неге жалғыз өзиң қазылық етип отырсаң? Неге ҳәмме азаннан кешке шекем сениң алдыңда тур? – деди.
15Муўса оған былай деди:
– Өйткени халық Қудайдың еркин билиў ушын, маған келеди. 16Қашан араларында бир даў шықса, олар маған келеди. Мен еки тәреп арасында қазылық қылып, оларға Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин мәлим етемен.
17Қәйин атасы оған былай деди:
– Бул исиң жақсы емес. 18Сен өзиңди де, жаныңдағы халықты да шаршатып таслайсаң. Бул ис сен ушын жүдә аўырлық етеди, ол бир өзиңниң қолыңнан келмейди. 19Енди маған қулақ сал. Егер сен мениң кеңесиме әмел қылсаң, Қудай саған яр болады. Сен Қудай алдында халық ушын ўәкил болып, олардың даўлы ислерин Қудайға жеткизип турыўың керек. 20Ал халыққа Қудайдың қағыйдаларын ҳәм көрсетпелерин үйрет. Қандай жол менен жүрип, не ислеў кереклигин оларға көрсет. 21Буларға қосымша, халық арасынан Қудайдан қорққан, уқыплы, ҳарам пайданы жек көретуғын исенимли адамларды сайлап ал. Оларды халық үстинен мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып тайынла. 22Олар бәрқулла халыққа қазылық етсин. Үлкен даўларды саған әкелсин, ал кишилерин өзлери шешсин. Усылай етип, олар аўырманлықты сениң менен бөлиссе, саған жеңил болады. 23Егер сен Қудайдың буйырғанындай етип, усылай ислесең, онда шыдай аласаң ҳәм ҳәмме тынышлық пенен үйлерине қайтады.
24Муўса қәйин атасының сөзин тыңлап, оның айтқанларының ҳәммесин орынлады. 25Ол израиллылар арасынан уқыплы адамларды сайлап алып, оларды мыңбасылар, жүзбасылар, елиўбасылар ҳәм онбасылар қылып, халыққа басшы етип тайынлады. 26Олар халыққа бәрқулла қазылық етип, қыйын мәселелерди Муўсаға алып келди. Ал кишигирим ислерди өзлери шешти. 27Кейин Муўса қәйин атасын жолға шығарып салды. Итро өз елине қайтып кетти.

Currently Selected:

Шығыў 18: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in