YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 19

19
Израил халқы Синай таўында
1Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги үшинши айдың биринши күни Синай шөлине жетип келди. 2Олар Рефидимнен жолға шыққан болып, Синай шөлине жетип келген еди. Олар сол жерде, Синай таўының қарсысына шатырларын тикти.
3Сонда Муўса таўға, Қудайдың дәргайына шықты. Жаратқан Ийе оған таўдан былай деди:
– Яқып нәсилине, Израил халқына былай де: 4«Мысырлыларға не ислегенимди ҳәм палапанларын қанатлары менен тасыған бүркит сыяқлы, сизлерди жаныма әкелгенимди көрдиңлер. 5Ал енди сөзлеримди дыққат пенен тыңлап, келисимиме әмел қылсаңлар, сизлер барлық халықлар ишинде Мениң ғәзийнем боласызлар. Себеби пүткил жер жүзи Маған тийисли. 6Сизлер Мениң ушын руўханийлер патшалығы ҳәм мухаддес халық боласызлар». Сениң израиллыларға айтатуғын сөзлериң усылар.
7Муўса келип, халық ақсақалларын шақырып алды да, өзине Жаратқан Ийениң буйырған барлық сөзлерин оларға билдирди. 8Пүткил халық бир аўыздан: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин орынлаймыз», – деп жуўап берди. Муўса халықтың жуўабын Жаратқан Ийеге жеткизди.
9Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Сениң менен сөйлескенимди халықтың еситиўи ҳәм саған мәңгиге исениўи ушын, Мен саған бир қалың булт ишинде келемен, – деди. Муўса халықтың сөзлерин Жаратқан Ийеге жеткизгенде, 10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Бар, бүгин ҳәм ертең халық пәкленсин. Олар кийимлерин жуўып, 11үшинши күни таяр болсын. Өйткени үшинши күни Мен, Жаратқан Ийе пүткил халықтың көз алдында Синай таўына түсемен. 12Халық ушын таўдың әтирапына шегара сызып, белгиле ҳәм оларға: «Абайлаңлар, таўға шығыўшы болмаңлар, таўдың етегине де жақынламаңлар! Таўға бир жерин тийгизген ҳәр бир адам сөзсиз өлтириледи. 13Сол адамға қол тийгизилмей, тас боран қылынып, я болмаса оқ жай менен өлтириледи. Ҳайўан болса да, адам болса да, ол тири қалмайды», – деп айт. Тек кәрнай узақ шертилгенде ғана, олар таўға көтериле алады.
14Соңынан Муўса таўдан халықтың қасына түсип, оларға пәклениўди буйырды. Ҳәр бир адам кийимлерин жуўды. 15Муўса халыққа:
– Үшинши күни таяр болыңлар. Бул ўақыт ишинде ҳаялларыңызға жақынламаңлар, – деди.
16Үшинши күни таң атыўдан гүлдирмама гүркиреп, шақмақ шақты. Таўдың үстин қалың булт қаплап, бәлент, күшли даўыслы кәрнай сести еситилди. Ордадағы пүткил халық титирей баслады. 17Муўса халықты Қудай менен ушырастырыў ушын, ордадан баслап шықты. Олар таўдың етегине келип турды. 18Қудай Синай таўына от ишинде түскенликтен, пүткил таў түтеп турған еди. Таўдан пештен шыққандай түтин шығып, пүткил таў қатты силкинип турған еди. 19Кәрнай сести барған сайын күшейе берди. Муўса Қудайға сөйледи ҳәм Қудай да оған даўыслап жуўап берди. 20Жаратқан Ийе Синай таўының төбесине түсип, Муўсаны таўдың төбесине шақырды. Муўса сол жерге шықты. 21Жаратқан Ийе оған былай деди:
– Төмен түсип, халықты ескерт. Мени көриў ушын, шегарадан шығып кетпесин. Болмаса, көбиси өлип қалады. 22Маған жақынласатуғын руўханийлер де өзлерин пәклесин. Болмаса, оларды қырып таслайман.
23Муўса Жаратқан Ийеге:
– Халық Синай таўына шыға алмайды. Өйткени Сен: «Таўдың әтирапына шегара сызып, белгиле ҳәм таўды мухаддес қыл», – деп ескерткен едиң, – деди.
24Жаратқан Ийе оған:
– Төмен түсип, Харонды өзиң менен бирге алып кел. Бирақ руўханийлер менен халық алдыма келиў ушын, шегарадан өтпесин. Болмаса, оларды қырып таслайман, – деди. 25Солай етип, Муўса төмен түсти де, халыққа усыларды айтып берди.

Currently Selected:

Шығыў 19: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in