YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 2

2
Муўсаның туўылыўы
1Лебий урыўынан болған бир адам урыўлас қызына үйленди. 2Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм баласының сондай сүйкимли екенин көрип, оны үш ай жасырып жүрди. 3Бирақ ҳаял баласын буннан былай жасырып жүре алмайтуғын болғанлықтан, қамыстан исленген бир себетти алып, оған шайыр ҳәм қара май жағып шықты. Кейин ишине баланы салды да, Нил дәрьясының жағасындағы қамыслыққа қойды. 4Ал баланың әжапасы үкесине не болатуғынын көриў ушын, узақтан бақлап турды.
5Сонда фараонның қызы шомылыў ушын дәрьяға келди. Ал оның шорылары дәрья жағасында жүрген еди. Фараонның қызы қамыслықтың арасында турған себетти көрип қалып, оны әкелиў ушын шорысын жиберди. 6Ол себетти ашып, жылап атырған баланы көрди ҳәм оған жаны ашып:
– Бул – бир еврей баласы-ғо, – деди.
7Сол ўақытта баланың әжапасы фараонның қызына:
– Сизге баланы емизип бериўи ушын, мен барып, еврейлерден емизиўли бир ҳаялды шақырып келейин бе? – деди.
8Фараонның қызы оған:
– Яқшы, бар, – деп жуўап берди.
Қыз барып, баланың анасын шақырып келди. 9Фараонның қызы ҳаялға:
– Мына баланы алып, маған емизип бер, хызмет ҳақыңды төлеймен, – деди.
Ҳаял баланы алып, емизди. 10Бала аз-маз өскеннен кейин, ҳаял оны фараонның қызына алып келди. Фараонның қызы баланы асырап алды ҳәм «Оны суўдан шығарып алдым», – деп, баланың атын Муўса#2:10 Муўса – «шығарып алынған» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды. қойды.
11Муўса ержеткеннен соң, бир күни өз халқына барып, олардың аўыр жумыс ислеп атырғанын көрди. Сонда өз халқынан болған бир еврейди бир мысырлының урып атырғанына көзи түсип кетти. 12Муўса әтирапына нәзер таслап, ҳеш кимниң жоқ екенин көргенде, мысырлыны өлтирип, оны қумға көмип жасырды. 13Ертеңине ол және шыққанда, еки еврейдиң төбелесип атырғанын көрди. Сонда Муўса наҳақ болған адамнан:
– Неге туўысқаныңды урып атырсаң? – деп сорады. 14Сол адам Муўсаға:
– Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? Мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деди.
Сонда Муўса қорқып кетип: «Ырасында да, бул ис әшкара болып қалған екен-ғо», – деп ойлады. 15Бул ис ҳаққында фараон да еситип, Муўсаны өлтирмекши болды. Бирақ Муўса оннан қашып, Мидян жерине барып жасады.
Бир күни ол бир қудықтың қасында отырғанда, 16Мидян руўханийиниң жети қызы келип, әкесиниң қойларын қудықтан суўғарыў ушын, наўаларды толтыра баслады. 17Бирақ айырым шопанлар келип, оларды қуўып жиберди. Сонда Муўса келип қызларды қорғады ҳәм олардың қойларын суўғарып берди. 18Қызлар әкеси Реуелдиң жанына қайтып барғанда, әкеси олардан:
– Неге бүгин бунша тез келдиңиз? – деп сорады. 19Қызлары әкесине:
– Мысырлы бир адам бизлерди шопанлардан қорғады. Буның үстине, ол суў алып, қойларымызды да суўғарып берди, – деп жуўап берди.
20Әкеси оларға:
– Сол адам қай жерде? Оны неге таслап кеттиңиз? Барыңлар, оны аўқатқа шақырып келиңлер, – деди.
21Муўса Реуелдиң мирәтин қабыл етип, оның үйинде жасап қалыўды шешти. Реуел оған қызы Сиппораны ҳаяллыққа берди. 22Сиппора ул туўды ҳәм Муўса: «Мен жат елде келгинди адам болдым», – деп, балаға Гершом#2:22 Гершом – «ол жерде келгинди» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды. деп ат қойды.
23Арадан узақ ўақыт өткеннен соң, Мысыр патшасы өлди. Израиллылар еле қулшылықтан нала шегип, дад салып атырған еди. Олардың қулшылық себепли салған дады Қудайға жетип барды. 24Қудай олардың налаларын еситип, Өзиниң Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимин#2:24 Жар 12:1-3; 26:2-5; 28:13-15. еске түсирди. 25Қудай израиллылардың аўҳалын көрип, оларды аяды.

Currently Selected:

Шығыў 2: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in