YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 20

20
Он буйрық
(Нзм 5:1-21)
1Сонда Қудай мына сөзлерди айтты:
2– Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.
3Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.
4Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама. 5Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман. 6Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.
7Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе Өзиниң атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.
8Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла. 9Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле. 10Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. 11Себеби Мен, Жаратқан Ийе алты күн ишинде аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардағы пүткил барлықты жаратып, жетинши күни дем алдым. Сонлықтан Мен Шаббат күнин жарылқап, оны мухаддес қылып айырдым.
12Ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады.
13Адам өлтирме.
14Неке ҳадаллығын бузба.
15Урлық ислеме.
16Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.
17Ҳеш бир адамның үйин күсеме. Оның ҳаялын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме.
18Пүткил халық гүлдирмаманы ҳәм кәрнай сестин еситип, шақмақты ҳәм таўдың басындағы түтинди көргенде, қорққанынан қалтырай баслады. Олар узақта турып, 19Муўсаға:
– Бизлер менен өзиң сөйлес. Бизлер сени тыңлаймыз. Бирақ Қудай бизлерге сөйлемесин. Болмаса, өлип қаламыз, – деди.
20Муўса халыққа:
– Қорқпаңлар! Себеби Қудай сизлерди сынаў ушын ҳәм Оннан қорқып, гүна ислемеўиңиз ушын келди, – деди.
21Халық узақта тура берди, ал Муўса Қудай турған тас түнек қараңғылыққа жақынласты.
Қурбанлық орын ҳаққында
22Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Израиллыларға былай деп айт: «Мениң сизлерге аспаннан сөйлегенимди еситтиңлер. 23Меннен басқа қудайларың болмасын. Өзлериңизге гүмистен болса да, алтыннан болса да, ҳеш қандай бутлар соғып алмаңлар. 24Мениң ушын топырақтан қурбанлық орын ислеңлер. Ол жерде қой ҳәм буғаларыңызды жандырылатуғын қурбанлық ҳәм татыўлық қурбанлығы етип бериңлер. Маған сыйыныўыңыз ушын Өзим таңлаған ҳәр бир жерге барып, сизлерди жарылқайман. 25Егер Маған тастан қурбанлық орын қуражақ болсаңыз, жонылмаған тасларды қолланыңлар. Өйткени тасқа қашаў тийгизсеңиз, оны ҳарамлайсызлар. 26Және де, Маған арналған қурбанлық орынға текше арқалы шықпаңлар, болмаса көтерилгениңизде жалаңаш жериңиз көринип қалыўы мүмкин».

Currently Selected:

Шығыў 20: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in