YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 21

21
Қуллар ҳаққында
1– Сен халыққа жәриялаўың керек болған нызамлар мыналар: 2егер сен еврей қул сатып алсаң, ол алты жыл хызмет етип, жетинши жылы ешейин азат етилсин. 3Егер ол келгенде бойдақ болса, жалғыз кетсин. Ал үйленген болса, онда оның ҳаялы да бирге кетсин. 4Егер хожайыны сол қулды үйлендирген ҳәм ҳаялы оған ул-қыз туўып берген болса, онда ҳаялы ҳәм балалары хожайынында қалып, қулдың бир өзи кетсин.
5Бирақ қул: «Мен хожайынымды, ҳаялымды ҳәм балаларымды жақсы көремен, азатлыққа шықпайман», – десе, 6онда хожайыны оны қазылардың алдына алып келсин ҳәм оны қапының ямаса қапының жақлаўына қойып, қулағын биз бенен тессин. Сонда ол өмир бойы хожайынына қул болып қалады.
7Егер ким де ким қызын шорылыққа сатса, қыз еркек қуллар сыяқлы азатлыққа шыға алмайды. 8Егер хожайыны сол қызды ҳаяллыққа алыўды нийет қылып болып, оны жақтырмай қалса, онда қыздың әкеси тәрепинен қуны төленип, қыздың азат болыўына рухсат етсин. Бирақ өзи алдағаны ушын, жат адамларға сатыўға ҳақысы жоқ. 9Егер ол қызды улына некелесе, оны өз қызындай көрсин. 10Ал егер хожайыны шорысына үйленип болып, және басқа ҳаял алса, онда шоры ҳаялын азық-аўқаттан, кийим-кеншектен ҳәм ерли-зайыплылық ҳуқықларынан маҳрум етпесин. 11Егер ол усы үш нәрседен шорыны маҳрум қылса, шоры қуны төленбестен азат қылынсын.
Зорлыққа қарсы нызамлар
12– Ким де ким биреўди урып өлтирсе, оның өзи де сөзсиз өлтирилсин. 13Бирақ егер ол буны абайсызда ислеген болса, Қудайыңыз болған Мен усыған жол қойған болсам, онда сол адамның қашып барып, паналайтуғын жерин Өзим белгилеп беремен. 14Ал егер ким де ким жанындағы адамды қастан өлтирип, Мениң қурбанлық орныма қашып барса да, оны сол жерден шығарып алып, өлтириңлер.
15Ким де ким анасын ямаса әкесин урса, ол сөзсиз өлтирилсин.
16Ким де ким биреўди урлап, оны сатса ямаса услап турса, ол сөзсиз өлтирилсин.
17Ким де ким анасын ямаса әкесин ғарғаса, ол сөзсиз өлтирилсин.
18Еки адам жәнжеллесип, биреўи екиншисин тас ямаса муш пенен урса, ол өлмегени менен, төсек тартып жатып қалса, 19кейин орнынан турып, далаға таяқ пенен шыға алатуғын болса, онда урған адам айыпсыз болып есапланады. Тек ол жарақат алған адамға оны жумысынан қалдырғаны ушын ҳәм толық емлениўи ушын пул төлесин.
20Егер ким де ким қулын ямаса шорысын таяқ пенен урып өлтирсе, ол жазалансын. 21Бирақ егер қул дәрҳал өлмей, ал бир-еки күннен соң өлсе, қулдың хожайыны жазаланбасын. Себеби қул оның өз меншиги.
22Биреўлер төбелесип атырып, бир ҳәмиледар ҳаялды урып алса ҳәм ҳаял шала туўып қойса, бирақ басқа зыян көрмесе, онда зыян жеткизген адам ҳаялдың күйеўи талап қылған ҳәм қазылар белгилеген муғдарда қун төлесин. 23Ал егер басқа зыян жеткизилген болса, жанға жан, 24көзге көз, тиске тис, қолға қол, аяққа аяқ алынып, 25күйик ушын күйдирилип, жарақат ушын жарақат салынып, көгерген ушын көгертилсин.
26Егер ким де ким қулының ямаса шорысының көзине урып, соқыр қылса, көзи ушын оны азатлыққа шығарсын. 27Ал егер қулының ямаса шорысының тисин сындырса, тиси ушын оны азатлыққа шығарсын.
28Егер бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өгиз сүзип өлтирсе, өгиз тас пенен урып өлтирилсин, ал гөши желинбесин. Өгиздиң ийеси айыпсыз болып есаплансын. 29Бирақ өгиз бурыннан-ақ сүзеўик болып, бул туўралы ескертилгенине қарамай, ийеси өгизине көзқулақ болмаған болса, өгиз бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өлтирсе, онда өгиз тас пенен урып өлтирилсин. Өгиздиң ийеси де өлтирилсин. 30Егер өгиздиң ийесине өз жанын сақлап қалыўы ушын қун төлеўине рухсат етилсе, ол талап қылынған қунды толығы менен төлеўи тийис. 31Егер өгиз ул баланы ямаса қыз баланы сүзип өлтирсе, онда да усы нызам қолланылсын. 32Егер өгиз бир қулды ямаса бир шорыны сүзип өлтирсе, онда олардың хожайынына отыз шекел#21:32 Отыз шекел – бир шекел шама менен 11 гр. гүмис берилип, өгиз тас пенен урып өлтирилсин.
33Егер ким де ким суў сақланатуғын шуқырды ашық қалдырса ямаса таза шуқыр қазып, оның аўзын жаппай кетсе ҳәм сол шуқырға бир өгиз ямаса ешек түсип кетсе, 34онда шуқырдың ийеси малдың қунын төлеўи тийис. Ол малдың ийесине пул төлесин, ал малдың денесин өзине алсын.
35Егер бир адамның өгизи қоңсысының өгизин сүзип өлтирип қойса, онда олар тири қалған өгизди сатып, ақшасын ҳәм өли өгиздиң гөшин тең бөлисип алсын. 36Егер өгиздиң сүзеўик екени бурыннан-ақ белгили болса да, ийеси оған көзқулақ болмаған болса, онда ол өгиздиң орнына өгиз берип, өлген малды өзине алсын.

Currently Selected:

Шығыў 21: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in