YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 25

25
Мухаддес шатыр ушын берилетуғын қурбанлықлар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израиллыларға айт, Маған нәзир алып келсин. Шын жүреги менен берген ҳәр бир адамның нәзирин қабыл етиңлер. 3Олардан қабыл ететуғын нәзирлериңиз мыналар: алтын, гүмис, қола, 4жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиби, ешкиниң жүни, 5қызылға боялған қошқар териси, жумсақ тери ҳәм акация ағашы, 6шыралар ушын зәйтүн майы, майлаў рәсимине арналған май ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар, 7бас руўханийдиң эфодына#25:7 Эфод – бас руўханийдиң кийимлериниң бир бөлеги. Сөзликке қараң. ҳәм қалталы өңиршесине тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар.
8Арасында жасаўым ушын, израиллылар Маған арнап, Мухаддес мәкан таярласын. 9Мухаддес шатырды ҳәм оның буйымларын Мен саған көрсеткен үлгиге сай қылып ислеңлер.
Келисим сандығына тийисли көрсетпелер
10– Акация ағашынан сандық ислеңлер. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ болсын. 11Сандықтың иши-сыртын сап алтын менен қаплат. Ал ернегине алтыннан жийек салдыр. 12Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйдырып, төрт туяғына орнаттыр: екеўи бир жағында, қалған екеўи екинши жағында болсын. 13Соңынан акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды алтын менен қаплат. 14Сандықты көтерип жүриў ушын, сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткиз. 15Сырықлар ҳалқалардан айырып алынбай, ҳәмме ўақыт ҳалқаларға киргизиўли турсын. 16Мен саған беретуғын келисим буйрықлары жазылған еки тасты сандықтың ишине салып қой.
17Сандықтың қақпағын да сап алтыннан ислет. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ болсын. 18Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керуб#25:18 Керуб – қанатлы руўхый барлық. шөккишлеп соқтыр. 19Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал басқасы екинши шетинде болып, олар қақпақ пенен бир тутас қылып исленсин. 20Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турсын. 21Қақпақты сандықтың үстине, Мен саған беретуғын тасларды болса, сандықтың ишине қой. 22Мен сениң менен сол жерде, Келисим сандығының үстиндеги керублар арасында, яғный қақпақтың үстинде ушырасып, израиллылар ушын саған буйрықлар беремен.
Усынылған нанлар қойылатуғын стол
23– Акация ағашынан бир стол ислет. Оның узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болсын. 24Столды сап алтын менен қаплатып, ернегине алтын жийек салдыр. 25Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислетип, оны алтын жийек пенен қаплат. 26Стол ушын төрт алтын ҳалқа ислетип, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяққа орнат. 27Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар қапталларға жақын орнатылсын. 28Сырықларды акация ағашынан ислетип, оларды сап алтын менен қаплат. Столды усы сырықлар жәрдеминде көтеретуғын болсын. 29Және де, стол ушын сап алтыннан табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын гүзелер ҳәм кеселер ислет. 30Мениң алдымдағы столда бәрқулла усынылған нанлар турсын.
Шыра қойғыш
31– Сап алтыннан шыра қойғыш ислет. Оның ултаны, балдағы, шақалары, гүллери ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары өзи менен бир тутас болып шөккишлеп исленсин. 32Шыра қойғыштың еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турсын. 33Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары болсын. 34Шыра қойғыштың балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары болсын. 35Шыра қойғыштан шығып туратуғын алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип турсын. 36Шыра қойғыш гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп исленсин. 37Шыра қойғыш ушын жети шыра ислет. Шыраларды шыра қойғыштың алды бетине жақты түсирип туратуғындай етип орнат. 38Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдыслар да сап алтыннан болсын. 39Шыра қойғыш ҳәм оның барлық буйымлары бир талант#25:39 Бир талант – шама менен 34 кг. сап алтыннан исленсин. 40Абайлы бол, булардың ҳәммесин саған таўда көрсетилген үлгилер бойынша ислет.

Currently Selected:

Шығыў 25: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in