YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 3:7-8

Шығыў 3:7-8 КРКМК22

Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мен халқымның Мысырда жәбир шегип атырғанын көрдим ҳәм қул жумсаўшылары себепли дад салып атырғанын еситтим. Мен олардың азап шегип атырғанын да билемен. Сонлықтан Мен оларды мысырлылардың қолынан қутқарыў ушын келдим. Оларды сол елден шығарып, кең ҳәм өнимдар болған жерге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге – қанан, хет, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының еллерине апараман.