YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 6

6
1Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Енди сен фараонға не ислейтуғынымды көресең. Ол Мениң қүдиретли қолым себепли Израил халқын азат етеди, ҳәтте, қүдиретли қолым себепли оларды өзи елинен қуўып шығарады, – деди.
Қудайдың Муўсаны және шақырыўы
2Қудай Муўсаға және былай деди:
– Мен – Жаратқан Ийемен. 3Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа Қүдирети күшли Қудай болып көриндим.#6:3 Жар 17:1-8; 28:1-5; 35:11-13. Бирақ Мен оларға Өзимди Жаратқан Ийе деген атым менен танытпадым. 4Өзлери келгинди болып жасаған Қанан жерин оларға бериў ушын, Мен олар менен келисим дүздим. 5Енди болса, мысырлылар қул қылған израиллылардың налаларын еситип, келисимимди еске алдым. 6Солай етип, израиллыларға былай де: «Мен – Жаратқан Ийемен. Сизлерди мысырлылардың аўыр жумысынан азат етип, олардың қуллығынан алып шығаман. Оларды қатаң жазалайман, сизлерди күшли қолымды созып, қутқарып аламан. 7Сизлерди Өз халқым қыламан ҳәм Өзим сизлердиң Қудайыңыз боламан. Сонда сизлер Мениң өзлериңизди мысырлылардың аўыр жумысынан азат қылған Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар. 8Сизлерди Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқыпқа беремен деп Өзим ант ишкен жерге апараман. Ол жерди сизлерге мүлик етип беремен. Мен – Жаратқан Ийемен».
9Муўса бул сөзлерди израиллыларға айтып берди. Бирақ олар руўхый түскинликте болып, аўыр қулшылықта жүргенликтен, Муўсаны тыңламады. 10Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
11– Мысыр патшасы фараонға барып: «Израиллылардың жериңнен кетиўине рухсат бер», – деп айт, – деди. 12Бирақ Муўса Жаратқан Ийеге:
– Мен сөзге шешен емеспен. Сөзимди израиллылар тыңламағанда, фараон қалай тыңласын? – деди.
13Деген менен, Жаратқан Ийе Муўса ҳәм Харон менен сөйлесип, израиллыларды Мысыр жеринен алып шығыў ушын, израиллыларға ҳәм Мысыр патшасы фараонға байланыслы буйрықлар берди.
Муўса ҳәм Харонның шежиреси
14Израиллылардың әўлад басшылары мыналар еди: Израилдың туңғыш улы Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон, Кармий. Булар Рубенниң тийрелери еди.
15Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм қананлы бир ҳаялдан туўылған улы Шаул. Булар Шимонның тийрелери еди.
16Урпақлары бойынша, Лебийдиң улларының атлары мыналар еди: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий. Лебий бир жүз отыз жети жыл өмир сүрди. 17Гершонның уллары: ҳәр бири тийре басшысы болған Либний менен Шимей. 18Қоҳаттың уллары: Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел. Қоҳат бир жүз отыз үш жыл өмир сүрди. 19Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Шежиреси бойынша, Лебийдиң тийрелери усылар еди.
20Амрам әкесиниң қарындасы Иохебедке үйленип, Иохебед оған Харон менен Муўсаны туўып берди. Амрам бир жүз отыз жети жыл өмир сүрди. 21Исҳардың уллары: Қорах, Нефег ҳәм Зихрий. 22Уззиелдиң уллары: Мишаел, Элсафан ҳәм Ситрий.
23Харон Нахшонның қарындасы, Амминадабтың қызы Элишебаға үйленди. Элишеба оған Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды туўып берди. 24Қорахтың уллары: Ассир, Элқана ҳәм Абиасаф. Булар Қорахтың үрим-путағы еди. 25Харонның улы Элазар Путиелдиң қызларының бирине үйленди. Ҳаялы оннан Пинехасты туўды. Тийрелерге бөлинген Лебий урыўының әўлад басшылары усылар еди.
26Усы Муўса менен Харонға Жаратқан Ийе: «Израиллыларды топ-тобы менен Мысырдан алып шығыңлар», – деген еди. 27Израиллыларды Мысырдан алып шығыў ушын, Мысыр патшасы фараон менен сөйлескенлер де усы Муўса менен Харон еди.
Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығы
28Жаратқан Ийе Мысырда Муўса менен сөйлескенинде, 29оған: «Мен – Жаратқан Ийемен. Саған айтатуғынларымның ҳәммесин Мысыр патшасы фараонға жеткиз», – деген еди. 30Сонда Муўса Жаратқан Ийениң алдында Оған: «Мен сөзге шешен емеспен. Мени фараон тыңлайтуғын ба еди?» – деп жуўап берген еди.

Currently Selected:

Шығыў 6: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in