YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 7

7
1Бирақ Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Минекей, Мен сени фараон ушын Қудай сыяқлы қылдым, ал әжағаң Харон сениң пайғамбарың болады. 2Саған буйырғанларымның ҳәммесин әжағаңа айт. Ол фараон менен сөйлесип: «Израиллылардың Мысыр жеринен кетиўине рухсат бер», – деп айтсын. 3Деген менен, Мен фараонның жүрегин қатал қыламан. Мысырда көп белгилеримди ҳәм кәраматларымды көрсетсем де, 4фараон сизлерди тыңламайды. Мен қолымды Мысырға созып, оларды қатаң жазалайман ҳәм халқым Израилды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шығаман. 5Мысырға қарсы қолымды көтерип, израиллыларды олардың арасынан алып шыққанымда, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
6Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. 7Фараон менен сөйлескенде, Муўса сексен, ал Харон сексен үш жаста еди.
Харонның таяғының жыланға айланыўы
8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
9– Фараон сизлерге: «Мени исендириў ушын бир кәрамат көрсетиңлер», – дегенде, сен Харонға: «Таяғыңды фараонның алдына тасла», – деп айт. Сонда таяқ жыланға айланады.
10Солай етип, Муўса менен Харон фараонға барып, Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон таяғын фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң алдына таслады. Таяқ жыланға айланды. 11Сонда фараон өз данышпанларын ҳәм сыйқыршыларын шақырды. Олар да өз сыйқыршылығы менен анық солай иследи. 12Олардың ҳәр бири таяғын таслап жибергенде, таяқлар жыланға айланды. Бирақ Харонның таяғы олардың таяқларын жутып жиберди. 13Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.
Биринши жаза: суўдың қанға айланыўы
14Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонның жүреги қатал болып тур. Ол халықты жибериўден бас тартып атыр. 15Ертеңине азанда бар да, фараон Нил дәрьясына қарай шыққанда, жыланға айланған таяғыңды алып, дәрья жағасында оның жолын тосып тур. 16Кейин фараонға былай де: «Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң: „Шөлде Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер“, – деп айтқан сөзин жеткериўим ушын, мени саған жиберди. Бирақ сен усы ўақытқа шекем қулақ аспадың. 17Сонлықтан Жаратқан Ийе: „Мениң Жаратқан Ийе екенимди енди билип аласаң“, – дейди. Минекей, мен қолымдағы таяқ пенен дәрьяның суўына урсам, суў қанға айланады. 18Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасып кетеди ҳәм мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалады».
19Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Харонға айт, ол таяғын алып, оны Мысырдың суўлары үстине – дәрьялары, өзеклери, көллери ҳәм барлық ҳәўизлери үстине созсын. Олардағы, ҳәтте, пүткил Мысырдағы ағаш ҳәм тас ыдыслардағы суўлар да қанға айланады.
20Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон фараон ҳәм оның хызметшилериниң көз алдында таяқты көтерип, Нил дәрьясының суўына урып жибергенде, ондағы барлық суўлар қанға айланды. 21Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасый баслады. Мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалды. Мысырдың ҳәмме жерин қан жайлап кетти. 22Бирақ мысырлы сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай иследи. Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады. 23Фараон артына бурылып, сарайына қайтып кетти. Бул ўақыя да оған тәсир етпеди. 24Пүткил мысырлылар ишетуғын суў табыў ушын, дәрья бойын қазыўға киристи. Өйткени олар дәрьяның суўын ише алмайтуғын еди.
25Жаратқан Ийе Нил дәрьясының суўын қанға айландырғаннан кейин, арадан жети күн өтти.

Currently Selected:

Шығыў 7: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in