YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 8

8
Екинши жаза: қурбақалар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонға барып, Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Жаратқан Ийе былай дейди: Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 2Егер халқымды жибериўден ўаз кешсең, пүткил елиңди қурбақаларға толтырып, жазалайман. 3Нил дәрьясы қурбақаларға толып тасып кетеди. Қурбақалар дәрьядан шығып, сарайыңа, уйықлайтуғын бөлмеңе, төсегиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үйлерине, ҳәтте, тандырларың менен қамыр табақларыңа да кирип алады. 4Олар сениң, халқыңның ҳәм пүткил хызметшилериңниң үстинде секирип жүреди».
5Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Харонға айт, ол қолындағы таяғын дәрьялар, өзеклер ҳәм көллерге қарай созып, қурбақаларды шығарсын ҳәм Мысырды қурбақаларға толтырсын, – деди.
6Солай етип, Харон қолындағы таяғын Мысырдағы суўларға қарай созды. Сонда қурбақалар шығып, Мысырды жайлап кетти. 7Деген менен, сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай ислеп, Мысыр елине қурбақаларды шығарды.
8Фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып:
– Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер, Ол меннен ҳәм халқымнан қурбақаларды алып тасласын. Сонда мен де Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўи ушын, халқыңызды жиберемен, – деди.
9Муўса оған:
– Әжеп болады, ўақытты өзиңиз белгилең. Қурбақалар тек Нил дәрьясында қалып, өзиңиз де, үйиңиз де қурбақалардан қутылыўыңыз ушын, мен сиз, хызметкерлериңиз ҳәм халқыңыз ушын қашан дуўа етейин? – деди.
10Фараон Муўсаға:
– Ертең, – деди.
Муўса оған былай деп жуўап берди:
– Яқшы, айтқаныңыздай болсын. Усылайынша, сиз Қудайымыз Жаратқан Ийеге тең келетуғыны жоқ екенин билип аласыз. 11Қурбақалар сизден, үйлериңизден, хызметкерлериңиз бенен халқыңыздан кетип, тек дәрьяда ғана қалады.
12Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдынан кетти. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оның фараонға жиберген қурбақа бәлеси ушын жалбарынды. 13Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлады: үйлердеги, ҳәўлилердеги ҳәм атызлардағы қурбақалар қырылып қалды. 14Қурбақаларды жыйнап, үйин-үйин етип қойды. Сасық ийис елди жайлап кетти. 15Деген менен, фараон жағдайдың жеңиллескенин көргенде, Жаратқан Ийениң айтқанындай жүрегин қатал етип, Муўса менен Харонды тыңламады.
Үшинши жаза: ширкейлер
16Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Харонға айт, ол таяғы менен жерди урсын. Сонда жердиң шаңы ширкейге айланып, пүткил Мысырды қаплайды, – деди.
17Олар солай иследи. Харон таяғы менен жердиң шаңын урып жибергенде, пүткил Мысыр жериндеги шаң ширкейге айланды. Адамлар менен маллардың үстин ширкейлер басып кетти. 18Сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен ширкейлер пайда етпекши болды, бирақ қолларынан келмеди. Адамлардың ҳәм маллардың үстин ширкей қаплаған еди.
19Сонда сыйқыршылар фараонға:
– Бул исте Қудайдың қолы бар, – деди. Бирақ Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, Муўса менен Харонды тыңламады.
Төртинши жаза: ийтшыбынлар
20Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Таң азаннан тур да, фараон дәрьяға қарай баратырғанда, оның алдынан шығып тур ҳәм оған Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 21Егер жибермесең, сениң, хызметшилериңниң, халқыңның ҳәм үйлериңниң үстине ийтшыбын жаўдыраман. Мысырлылардың үйлери ҳәм олар жасап атырған жер ийтшыбынға толып кетеди. 22Бирақ сол күни халқым жасайтуғын Гошен жерин айырып қояман. Ол жерде ийтшыбын болмайды. Усылай етип, сен Мысыр жеринде Жаратқан Ийениң, яғный Мениң бар екенимди билип аласаң. 23Мен Өз халқым менен сениң халқыңның арасына айырмашылық қояман. Ертең усы кәрамат әмелге асады».
24Жаратқан Ийе айтқанын иследи. Фараонның сарайына, хызметкерлериниң үйлерине ҳәм пүткил Мысыр елине быжнаған ийтшыбынлар ушып келди. Ел ийтшыбынның кесиринен ўайран болды.
25Сонда фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға:
– Барыңлар, Қудайыңызға усы елде қурбанлық бериңлер, – деди.
26Бирақ Муўса оған былай деп жуўап берди:
– Булай ислесек, туўры болмайды. Өйткени мысырлылар Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўимизди жеркенишли деп санайды. Егер олар жеркенишли деп санаған нәрсени көз алдында ислесек, олар бизлерди тас боран қылып өлтирмей ме? 27Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, бизлер шөлде үш күнлик жол жүрип барыўымыз керек.
28Сонда фараон:
– Шөлде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўиңиз ушын, сизлерди жиберемен. Тек жүдә узақлап кетпеңлер. Енди мен ушын дуўа етиңлер, – деди.
29Муўса оған:
– Ертең сизден, хызметкерлериңизден ҳәм халқыңыздан ийтшыбынлар кетсин деп, сизиң алдыңыздан шығыўдан-ақ, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Тек сиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын халықты жибермей қалып, бизлерди және алдамаң, – деди.
30Солай етип, Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти. 31Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлап, ийтшыбынларды фараоннан, оның хызметкерлеринен ҳәм халқынан алып таслады. Бирде бир ийтшыбын қалмады. 32Солай болса да, фараон бул рет те жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.

Currently Selected:

Шығыў 8: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in