YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Шығыў китабы Таўраттың екинши китабы. Бул китапта Қудайдың Өз халқы Израилды Мысырдағы қуллықтан азат етип, ол жерден алып шыққаны ҳаққында сөз етиледи. Соның ушын, китап «Шығыў» деп аталған. Жаратылыс китабының ақырында сөз етилген ўақыялардан усы китапта сөз етилген ўақыяларға дейин арадан 400 жыл өтеди. Израил халқы шама менен б. э. ш. 1440-жылы Мысырдан шығады (3Пат 6:1).
Шығыў китабында Қудайдың аты ҳәм Оның ким екени көрсетилип: Жаратқан Ийе жалғыз, ҳақыйқый Қудай, Ол барлық жаратылғанлардың Ҳүкимдары, деп таныстырылады (3:13-15).
Шығыў китабын үш бөлимге бөлиўге болады. Биринши бөлимде көп ўақыялар Мысыр елинде жүз береди (1–13 баплар). Израил халқы сол жерде фараонға қул болып хызмет етеди. Қудай Өз халқының дад-пәриядын еситеди. Оларды қуллықтан азат қылыў ушын, Муўсаны таңлап алады.
Муўса фараоннан, Израил халқын жибер, деп талап қылғанда, фараон рухсат бермейди. Соның ушын, Қудай Мысырға он апат жиберетуғыны ҳаққында Муўсаға айтады. Бул апатлар көбинесе «он жаза» деп те аталады. Оныншы жаза келгенде, илажсыз қалған фараон Израил халқына Мысырдан шығып кетиўге рухсат береди. Қудай сол күнди еслеп турыўы ушын, Израил халқына Қутқарылыў байрамын байрамлаўды буйырады.
Китаптың екинши бөлиминде (14–18 баплар) Израил халқы Қудайдың мухаддес таўы – Синайға кетип баратырғанда басларынан кеширген ўақыялар сөз етиледи. Мысыр фараоны Израил халқын азат етиў пикиринен дәрҳал қайтып, ләшкерлерине оларды тутып келиўди буйырады. Деген менен, Қудай Израилды қорғап, Мысыр ләшкерлерин қырып таслайды. Кейин Израил халқы шөл арқалы жүргенде, Қудай оларды азық-аўқат ҳәм суў менен тәмийинлейди.
Китаптың соңғы бөлиминдеги ўақыялар (19–40 баплар) Синай таўында жүз береди. Қудай бул таўда Муўсаға көринип, оған он буйрықты, және де, күнделикли турмыс, тәрбия ҳәм сыйыныў мәресимлери туўрысындағы нызам-қағыйдаларды береди. Қудай Израил халқының арасында болыў ушын Муўсаға Мухаддес шатыр қурыўды буйырады. Шатыр ҳәм оның үскенелери ҳаққында толық көрсетпелер береди. Мухаддес шатыр Қудайдың Өз халқы арасындағы турар мәканы болып, халық ол жерде Қудайға ҳәр түрли садақа ҳәм қурбанлықларды алып келиўи керек еди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in