Жаратылыс 18
18
Қудайдың Ибрайымға ул бериўди ўәде етиўи
1Күнниң жәзийрама ыссы ўақтында, Ибрайым шатырдың кирер аўзында отырған еди. Сонда оған Мамрениң теребинф тереклиги қасында Жаратқан Ийе көринди. 2Ибрайым басын көтерип қарағанда, қарсы алдында үш адамның турғанын көрди. Ол дәрҳал отырған орнынан ушып турды да, оларды қарсы алыўға асықты ҳәм жерге дейин ийилип, тәжим етти.
3Соңынан Ибрайым былай деди:
– Мырзам, егер мен мийримиңизге ерискен болсам, мендей қулыңызды шетлеп өтпең. 4Аяқларыңызды жуўыўыңыз ушын аз-маз суў алдырайын. Мына теректиң астында дем алыңлар. 5Мендей қулыңыз тәрепке жолыңыз түскен екен, ҳәлленип алыўыңыз ушын жейтуғын бир нәрселер әкелейин. Соң жолыңызды даўам етерсиз.
Олар:
– Яқшы, өзиң айтқаныңдай қыла бер, – деди.
6Ибрайым асығыслық пенен шатырға, Сараның қасына келип, оған:
– Тез сапалы уннан үш табақ қамыр ийлеп, пәтир писир, – деди.
7Соңынан Ибрайым падаға жуўырып барды да, бир жас ҳәм жақсы баспақты алып, оны хызметши жигитке берди. Жигит оны тез таярлаўға киристи. 8Ибрайым қатық, сүт ҳәм писирилген баспақ гөшин әкелип, қонақлардың алдына қойды. Олар аўқатланып отырғанда, Ибрайым олардың қасында, теректиң астында турды.
9Олар Ибрайымнан:
– Ҳаялың Сара қаяқта? – деп сорады.
– Усы жерде, шатырда, – деп жуўап берди Ибрайым.
10Сонда олардың бири оған:
– Келеси жылы усындай ўақытта Мен сениң жаныңа сөзсиз қайтып келемен, сол ўақытта Сара уллы болады, – деди.
Ал Сара Оның арт бетинде, шатырдың кирер аўзында тыңлап турған еди. 11Ибрайымның да, Сараның да әлле қашан жасы өтип, қартайып қалған еди. Сара бала туўыў жасынан өткен еди. 12Сонлықтан Сара ишинен күлип: «Қартайып қалған болсам, бундай ҳәзликке бөлене алар ма екенмен? Оның үстине хожайыным да қартайған», – деп ойлады.
13Сонда Жаратқан Ийе Ибрайымға:
– Сара не ушын: «Мен ҳақыйқаттан да, қартайғанда бала туўа аламан ба?» – деп күлди. 14Жаратқан Ийе ушын мүмкин емес нәрсе бар ма? Мен белгиленген ўақытта, келеси жылы усындай ўақытта жаныңа қайтқанымда, Сара уллы болады, – деди.
15Сара қорқып кетип:
– Күлгеним жоқ, – деп өтирик сөйледи.
Бирақ Ол:
– Яқ, күлдиң, – деди.
Ибрайымның Содом ушын жалбарыныўы
16Адамлар сол жерден шығып, төменге, Содомға қарай кетти. Ибрайым да оларды шығарып салыў ушын бирге жүрди. 17Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Мен ислейжақ исимди Ибрайымнан жасыраман ба? 18Ибрайымнан уллы ҳәм күшли халық келип шығып, жер жүзиндеги барлық халықлар ол арқалы жарылқанатуғыны сөзсиз-ғо. 19Туўры ҳәм әдил ислерди ислеп, жолым менен жүриўди балаларына ҳәм урпақларына буйырсын деп, Мен Ибрайымды таңладым. Солай етип, Мен оған берген сөзимди орынлайман».
20Соңынан Жаратқан Ийе және былай деди: «Содом ҳәм Гомора себепли шегилген налалар оғада көп ҳәм олардың гүналары да жүдә аўыр. 21Енди Мен төменге түсип, олардың ислеген ислериниң Мен еситкендей дәрежеде жаман ба екенлигин көрейин. Егер олай болмаса, оны да билейин».
22Еки адам бурылып, Содомға қарай кетти. Бирақ Ибрайым Жаратқан Ийениң алдында турып қалды. 23Соңынан ол Жаратқан Ийеге жақынырақ келип былай деди:
– Сен ҳақ адамды наҳақ адам менен бирге қырып тасламақшымысаң? 24Мүмкин, бул қалада елиў ҳақ адам бар шығар? Сен ҳақыйқаттан да, сол жерди ишиндеги елиў ҳақ адам ушын кеширмей, қырып таслайжақсаң ба? 25Булай ислеўден аўлақ бола гөр! Ҳақ адам менен наҳақ адамның тәғдирин бирдей қылып, ҳақ адамды наҳақ адамға қосып өлтириўден аўлақ болғайсаң! Пүткил дүньяны Ҳүким етиўши әдил болыўы керек емес пе?
26Жаратқан Ийе оған:
– Егер Мен Содомнан елиў ҳақ адам тапсам, олар ушын сол жерди кеширемен, – деп жуўап берди.
27Сонда Ибрайым даўам етип:
– Мен топырақ ҳәм күл сыяқлы биреў болсам да, жүрек етип, О Ийем, Саған сөйлеп атырман: 28егер ҳақ адам елиў болыўы ушын бесеўи жетпесе, сол бесеўи ушын Сен пүткил қаланы жоқ етесең бе? – деди.
– Яқ, егер ол жерден қырық бес ҳақ адам тапсам, оны жоқ етпеймен, – деди Қудай.
29Ибрайым және:
– Егер ол жерден қырық ҳақ адам табылса ше? – деди.
Ол:
– Егер қырық ҳақ адам табылса да, олай ислемеймен, – деди.
30Сонда Ибрайым:
– О, Ийем, айтатуғын сөзиме ашыўланба, бирақ егер ол жерден отыз ҳақ адам табылса ше? – деди.
Қудай Ибрайымға:
– Егер ол жерден отыз ҳақ адам табылса да, олай ислемеймен, – деди.
31Ибрайым тағы:
– О, Ийем, мен Саған сөйлеўге жүрек еттим: ал егер ол жерде тек жигирма ҳақ адам табылса ше? – деди.
Ол Ибрайымға:
– Жигирмасы ушын да қаланы жоқ етпеймен, – деди.
32Соңынан Ибрайым былай деди:
– О, Ийем, мен және бир мәртебе сөйлесем ашыўланба: егер ол жерден тек ғана он адам табылса ше?
Ол:
– Он адам ушын да қаланы жоқ етпеймен, – деп жуўап берди.
33Жаратқан Ийе Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, сол жерден кетти. Ибрайым да өз үйине қайтты.
Currently Selected:
Жаратылыс 18: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: