Жаратылыс 21
21
Ысақтың туўылыўы
1Жаратқан Ийе Өзи айтқанындай Сараға нәзерин түсирип, Өз ўәдесин орынлады. 2Сара ҳәмиледар болды ҳәм ол Ибрайымға қартайған шағында, Қудай белгилеген ўақытта ул туўып берди. 3Ибрайым туўылған баласына, яғный Сара туўып берген улына Ысақ#21:3 Ысақ – «күледи» дегенди билдиреди. деп ат қойды. 4Қудайдың өзине буйырғанындай, Ибрайым улы Ысақты сегиз күнлигинде сүннет еттирди. 5Ысақ туўылғанда, Ибрайым жүз жаста еди.
6Сара былай деди: «Қудай маған күлки сыйлады. Буны еситкенлердиң ҳәммеси мениң менен бирге күледи». 7Және де: «Ким Ибрайымға: „Сара бала емизеди“, – деп айта алған болар еди? Өйткени Ибрайым қартайғанда, мен оған ул туўып бердим-ғо», – деди.
Ажар менен Исмайылдың қуўылыўы
8Ысақ үлкейип, емшектен шығарылған күни Ибрайым үлкен зыяпат берди. 9Бирақ Сара мысырлы Ажардың Ибрайымға туўып берген улы Исмайылдың Ысақты мазақ етип атырғанын көргенде, 10Ибрайымға: «Бул шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы мениң улым Ысақ пенен бирге мийрасхор болмасын», – деди.
11Бул гәп Ибрайымға аўыр тийди. Өйткени Исмайыл да оның улы еди. 12Бирақ Қудай Ибрайымға былай деди:
– Сен баланы ҳәм шорыңды қайғырма! Сара не айтса, соны исле, себеби сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди. 13Бирақ шорыңның улынан да Мен бир халық шығараман, өйткени ол да сениң урпағың.
14Ертеңине таң азанда, Ибрайым нан ҳәм бир мес суў алды да, оларды Ажардың ийнине салды ҳәм оны баласы менен қосып шығарып жиберди. Ажар кетип баратырып, Беер-Шеба шөлинде адасып қалды.
15Местеги суў таўысылғанда, Ажар баласын бир путаның астында қалдырды да: 16«Баламның қалай өлетуғынын көрмейин», – деп арырақ кетти ҳәм бир оқ жетирим жерге барып отырып, дад салып жылай баслады.
17Қудай баланың жылағанын еситти ҳәм Оның бир периштеси Ажарға аспаннан даўыслап: «Ажар, саған не болды? Қорқпа, Қудай балаңның жатырған жеринен оның жылағанын еситти. 18Бар да, баланы турғызып, оны қолынан жетеле. Мен оннан уллы халық жаратаман», – деди.
19Соңынан Қудай Ажардың көзин ашты ҳәм ол бир қудықты көрди. Ол барып, месин суўға толтырды да, баласына суў ишкизди.
20Солай етип, Қудай бала менен бирге болды. Ол өсип, шөлде жасады ҳәм мерген болды. 21Исмайыл Паран шөлинде жасап атырған ўақтында, анасы оған Мысырдан бир қызды ҳаяллыққа алып берди.
Ибрайым менен Абимелехтиң келисим дүзиўи
22Сол ўақытлары Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол Ибрайымға былай деди:
– Ҳәр бир исиңде Қудай сениң менен бирге. 23Сонлықтан сен мени, перзентлеримди ҳәм урпақларымды да алдамайман деп, Қудай ҳақы ант иш. Мен саған қандай жақсылық еткен болсам, сен де маған ҳәм өзиң келгинди болып жасап атырған елге сондай жақсылық ет.
24Ибрайым:
– Мен ант ишемен, – деди.
25Соңынан Ибрайым Абимелехке адамларының бир қудықты тартып алғаны ҳаққында айтып, шағым етти. 26Ал Абимелех оған:
– Мен буны кимниң ислегенин билмеймен. Сен маған ҳеш нәрсе айтпаған едиң. Мен бул ҳаққында ҳәзир еситип турман, – деди.
27Кейин Ибрайым Абимелехке қой ҳәм сыйырлар саўға етти ҳәм екеўи келисим дүзди. 28Ибрайым сүриўден жети урғашы қозыны айырып қойды. 29Абимелех оннан:
– Бул жети урғашы қозыны айырып қойыўыңның мәниси не? – деп сорады.
30Ибрайым оған:
– Бул қудықты мениң қаздырғанымның дәлили сыпатында, мына жети урғашы қозыны мениң қолымнан қабыл ет, – деди.
31Солай етип, сол жер Беер-Шеба#21:31 Беер-Шеба – «ант қудығы» ямаса «жетиниң қудығы» дегенди билдиреди. деп аталды, өйткени олар екеўи сол жерде ант ишискен еди. 32Беер-Шебада келисим дүзгеннен соң, Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол филистлердиң жерине қайтып кетти.
33Ибрайым Беер-Шебада бир тамариск#21:33 Тамариск – жыңғылға уқсаған, бирақ оннан бийик ҳәм сулыў терек. ағашын тикти ҳәм сол жерде Жаратқан Ийениң, мәңгилик Қудайдың атын айтып шақырды. 34Ибрайым филистлердиң жеринде келгинди болып көп ўақыт жасады.
Currently Selected:
Жаратылыс 21: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: