YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 22

22
Ибрайымның сыналыўы
1Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған:
– Ибрайым! – деди.
Ибрайым:
– Ләббәй! – деди.
2Сонда Қудай оған:
– Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.
3Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты. 4Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди. 5Ибрайым хызметшилерине:
– Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, – деди.
6Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти. 7Кетип баратырып, Ысақ әкесине:
– Аға! – деди.
– Ләббәй, улым, – деди Ибрайым.
Ысақ оннан:
– Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын жанлық қәне? – деп сорады.
8Ибрайым:
– Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын жанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди.
Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.
9Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды. 10Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды. 11Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап:
– Ибрайым! Ибрайым! – деди.
– Ләббәй, – деди ол.
12Периште оған:
– Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.
13Ибрайым басын көтерип, путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Ол барып, қошқарды әкелди де, улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди. 14Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире#22:14 Яҳўе-Ире – «Жаратқан Ийе көреди», яғный «Жаратқан Ийе жеткереди» дегенди билдиреди. деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийениң таўында жеткерип бериледи», – деп айтылады.
15Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет Ибрайымға аспаннан даўыслап 16былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз атым менен ант ишемен, сен бул исти ислеп, жалғыз улыңды да аямадың, 17сонлықтан Мен сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды аспандағы жулдызлар ҳәм теңиз жағасындағы қумлар сыяқлы үсти-үстине көбейтемен. Сениң урпақларың өз душпанларының қалаларына ийелик етеди. 18Маған бойсынғаның ушын, урпақларың арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады“».
19Соннан кейин, Ибрайым хызметшилериниң жанына қайтып келди. Олар бирликте Беер-Шебаға қарай кетти. Ибрайым сол жерде жасап қалды.
Нахордың урпақлары
20Бир қанша ўақытлардан соң, Ибрайымға: «Туўысқаның Нахорға ҳаялы Милка уллар туўып берди», – деген хабар жетип келди. 21Милка туңғышы Усты, оның иниси Бузды, Арамның әкеси Кемуелди, 22Кеседти, Хазоны, Пилдашты, Идлафты ҳәм Бетуелди дүньяға келтирди. 23Ал Бетуелден Ребекка туўылды. Усы сегиз улды Ибрайымның туўысқаны Нахорға Милка туўып берди. 24Нахордың Реума деген тоқалы да оған Тебах, Гахам, Тахаш ҳәм Мааха деген балаларды туўып берди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in