Жаратылыс 24
24
Ысақтың үйлениўи
1Ибрайым қартайып, бираз жасқа барып қалған еди. Жаратқан Ийе оны ҳәр тәреплеме жарылқап қойған еди. 2Ибрайым үйиндеги ҳәмме нәрсени басқаратуғын бас хызметшисине былай деди:
– Қолыңды санымның астына қойып, 3аспан ҳәм жердиң Қудайы болған Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиўиңди қәлеймен: мен араларында жасап атырған қанан халқынан улыма қыз алма. 4Ал улым Ысаққа қыз алыў ушын мениң елиме, ағайин-туўғанларыма бар.
5Хызметши Ибрайымнан:
– Егер қыз мениң менен бирге бул елге келиўди қәлемесе ше? Онда улыңызды өзиңиз шығып кеткен елге апарыўым керек пе? – деп сорады.
6Ибрайым оған былай деди:
– Яқ, улымды ҳасла ол жерге апара гөрме! 7Мени өз әкемниң үйинен, туўылған елимнен алып шығып: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен аспанның Қудайы Жаратқан Ийе сениң алдыңнан Өз периштесин жибереди ҳәм сен сол жерден улыма қыз алып келесең. 8Егер қыз сениң менен бирге келиўди қәлемесе, онда сен маған берген бул антыңнан азат боласаң. Тек улымды ол жерге апара гөрме!
9Солай етип, хызметши хожайыны Ибрайымның санының астына қолын қойып, айтылғанды ислеўге ант ишти.
10Соңынан хызметши хожайынының түйелеринен онын ҳәм ҳәр қыйлы қымбат баҳалы затларынан алып, жүрип кетти. Ол Арам-Наҳарайымдағы Нахор жасайтуғын қалаға жетип келди. 11Хызметши түйелерин қала сыртындағы қудықтың қасына шөктирди. Бул ҳаял-қызлар суў алыў ушын шығатуғын кешки пайыт еди.
12Сонда хызметши былай деп дуўа етти: «Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Бүгин маған әўмет берип, хожайыным Ибрайымға жақсылық ислей гөр! 13Мине, мен қудық басында турман, қаланың қызлары суў алыўға киятыр. 14Мен қайсы қызға: „Гүзеңди еңкейт, мен суў ишип алайын“, – дегенимде, ол: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – десе, онда сол қыз Сениң қулың Ысақ ушын таңлаған қызың болсын. Хожайыныма жақсылық ислегениңди соннан билейин».
15Хызметши еле дуўасын тамамламай атырып-ақ, ийнине гүзесин көтерген Ребекка келип қалды. Ол Ибрайымның иниси Нахор менен ҳаялы Милканың улы Бетуелдиң қызы еди. 16Ребекка оғада сулыў, еркек қолы тиймеген қыз еди. Ол қудыққа қарай төмен түсти де, гүзесин суўға толтырып, жоқары шықты. 17Ибрайымның хызметшиси қыздың алдына жуўырып шығып:
– Өтиниш, гүзеңнен маған аз-маз суў бер, – деди.
18– Ишиңиз, мырза, – деп қыз дәрҳал гүзесин ийнинен түсирди де, оған ишиўге суў берди. 19Қыз оған ишкизип болып:
– Мен түйелериңизди де шөли қанғанша суўғарып берейин, – деди. 20Соңынан қыз гүзесиндеги қалған суўды наўаға қуйып босатты да, және суў тартып шығарыў ушын қудыққа қарай жуўырып кетти. Солай етип, ол хызметшиниң барлық түйелерин суўғарды. 21Ал хызметши болса, Жаратқан Ийениң жолын әўметли қылған ямаса қылмағанын билиў ушын, қызға дыққат қойып, үнсиз қарап турды.
22Түйелери суў ишип болғаннан соң, ол қызға аўырлығы ярым шекел шығатуғын алтын әребек ҳәм он шекел шығатуғын еки алтын билезик берди. 23Соңынан ол қыздан:
– Айтшы, кимниң қызысаң? Бизлердиң түнеп шығыўымыз ушын әкеңниң үйинен орын табыла ма? – деп сорады.
24Қыз оған:
– Мен Милканың Нахорға туўып берген улы Бетуелдиң қызыман. 25Бизде сабан да, жем де көп, түнеў ушын орын да бар, – деп жуўап берди.
26Сонда хызметши тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды да: 27«Өз мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын хожайынымнан аямаған Ибрайымның Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын. Ол мени туўры хожайынымның ағайин-туўғанларының үйине баслап келди», – деди.
28Қыз анасының үйине жуўырып барып, болған ўақыя ҳаққында айтып берди.
29Ребекканың Лабан деген әжағасы бар еди. Ол қудық басында турған адамға қарай жуўырып кетти. 30Лабан қарындасының мурнындағы әребекти, қолларындағы билезиклерди көрип, Ребеккадан ол адамның өзине не айтқанын еситкенде, дәрҳал сол адамның жанына кеткен еди. Ал сол адам қудық басында, түйелердиң жанында турған еди. 31Лабан оған:
– Үйге жүриң, Жаратқан Ийе жарылқаған бенде! Неге сыртта турыпсыз? Мен өзиңиз ушын бөлме, түйелериңиз ушын орын таярлап қойдым, – деди.
32Солай етип, хызметши үйге кирди. Лабан түйелердиң жүклерин түсиртип, алдына сабан ҳәм жем салдырды. Хызметшиниң ҳәм оның жанындағылардың аяқларын жуўыў ушын суў әкелдирди. 33Алдыларына аўқат қойылғанда, хызметши:
– Мен не ушын келгенимди айтпай турып, аўқат жемеймен, – деди.
– Мейли, айтың, – деди олар.
34Сонда хызметши былай деди:
– Мен Ибрайымның хызметшисимен. 35Жаратқан Ийе хожайынымды мол-мол етип жарылқап, оны байытты. Оған қой ҳәм сыйырлар, гүмис ҳәм алтынлар, қул ҳәм шорылар, түйе ҳәм ешеклер берди. 36Хожайынымның ҳаялы Сара қартайған шағында оған ул туўып берди. Хожайыным өзиниң барлық мал-мүлкин улына тапсырды. 37Хожайыным маған ант иштирип: «Улыма мен жеринде жасап атырған қанан халқының қызларынан емес, 38ал мениң ата журтыма, ағайин-туўғанларыма барып, сол жерден қыз алып бересең», – деди. 39Мен хожайынымнан: «Егер ол қыз мениң менен келиўди қәлемесе ше?» – деп сорадым. 40Сонда ол маған: «Мен Жаратқан Ийениң жолы менен жүрмен. Ол Өз периштесин сениң менен бирге жиберип, жолыңды береди. Сен ағайин-туўғанларымнан, ата журтымнан улыма қыз алып кел. 41Егер сен ағайин-туўғанларыма барғаныңда, олар саған қызын бермесе, онда сен ишкен антыңнан азат боласаң, аўа, сен усындай жағдайда ишкен антыңнан азат боласаң», – деди.
42Солай етип, мен бүгин қудық басына келгенимде: «Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Өтинемен, жолымды бере гөр! 43Ҳәзир мен қудық басында турман. Егер мен суў алыўға келген қызлардың бирине: „Өтиниш, гүзеңнен маған аз-маз суў бер“, – десем, 44ол маған: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – деп айтса, Жаратқан Ийениң хожайынымның улы ушын таңлаған қызы сол болсын», – деп дуўа еттим.
45Мен еле ишимнен дуўа етип турғанымда, ийнине гүзесин көтерип, Ребекка сыртқа шықты. Ол төмен түсип, қудықтан суў алды. Мен оған: «Өтиниш, маған ишиўге суў бер», – дедим.
46Ребекка дәрҳал ийнинен гүзесин түсирип: «Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман», – деди. Солай етип, мен суў иштим, ол түйелеримди суўғарды.
47Мен оннан: «Кимниң қызысаң?» – деп сорадым.
Ол маған: «Мен Милканың Нахорға туўып берген улы Бетуелдиң қызыман», – деди.
Сонда мен оның мурнына әребек, қолларына билезик тақтым. 48Соң тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйындым. Хожайынымның улына инисиниң ақлық қызын алыў ушын маған туўры жолды көрсеткен хожайыным Ибрайымның Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар айттым.
49Енди сизлер хожайыныма жақсылық ислеп, садықлық көрсетпекши болсаңыз, маған айтыңлар, егер қәлемесеңиз, оны да айтыңлар, мен не ислейтуғынымды шешейин.
50Лабан менен Бетуел былай деп жуўап берди:
– Бул – Жаратқан Ийениң иси. Бизлер саған жақсы-жаман, ҳеш нәрсе айта алмаймыз. 51Мине, Ребекка, оны алып кете бер. Жаратқан Ийениң айтқанындай, ол сениң хожайыныңның улына ҳаял болсын.
52Ибрайымның хызметшиси буны еситкенде, жерге дейин ийилип, Жаратқан Ийеге сыйынды. 53Соңынан хызметши гүмис ҳәм алтын затларды, кийимлерди шығарып, Ребеккаға берди, және де, оның әжағасы менен анасына да қымбат баҳалы саўғалар берди. 54Соңынан хызметши ҳәм оның жанындағылар ишип-жеди ҳәм сол жерде қонып қалды.
Ертеңине азанда олар уйқыдан турғанда, хызметши:
– Енди рухсат болса, хожайыныма қайтаман, – деди.
55Бирақ Ребекканың әжағасы ҳәм анасы:
– Қыз онлаған күн бизлер менен болсын, кейин жолға шығарсызлар, – деди.
56Ал хызметши буған:
– Жаратқан Ийе жолымды берип тур екен, мени ирикпеңлер. Маған хожайыныма қайтыўға рухсат бериңлер, – деди.
57Сонда олар:
– Қызды шақырып сорайық, өзи не дер екен? – деди. 58Солай етип, олар Ребекканы шақырып, оннан:
– Мына адам менен кетесең бе? – деп сорады.
– Кетемен, – деди ол.
59Солай етип, олар Ребекканы, оның тәрбияшысын, Ибрайымның хызметшиси менен оның адамларын шығарып салды. 60Олар Ребеккаға пәтия берип былай деди:
«Қарындасым, анасы бол мың-мыңлаған перзентлердиң,
Үрим-путақларың ийелесин душпан қалаларын».
61Соңынан Ребекка ҳәм оның жас шорылары таярланып, түйелерге минди ҳәм Ибрайымның хызметшисиниң изине ерди. Солай етип, хызметши Ребекканы алып, жолға шықты.
62Сол арада Негеб жеринде жасап атырған Ысақ Беер-Лахай-Роийден қайтып келген еди. 63Кеште Ысақ ойланыў ушын атызға шықты ҳәм ол басын көтерип қарағанда, жақынлап киятырған түйелерди көрди. 64Ребекка Ысақты көрип, түйеден түсти ҳәм 65хызметшиден:
– Бизлерге қарай атыз бойлап киятырған ана адам ким? – деп сорады.
– Бул – мениң хожайыным, – деп жуўап берди хызметши.
Сонда Ребекка жаўлығын алып, жүзин жапты. 66Хызметши Ысаққа ислеген ислериниң ҳәммесин айтып берди. 67Ысақ Ребекканы анасының шатырына алып келди ҳәм оған үйленди. Солай етип, Ребекка Ысақтың ҳаялы болды. Ысақ Ребекканы сүйип қалды. Усы тәризде ол анасы қайтыс болғаннан кейинги қайғысына жубаныш тапты.
Currently Selected:
Жаратылыс 24: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022