YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 27

27
Ысақтың Яқыпқа пәтия бериўи
1Ысақ қартайып, көзи көрмей қалды. Ол үлкен улы Эсаўды шақырып алып, оған:
– Улым! – деди.
– Ләббәй! – деп жуўап берди Эсаў.
2Ысақ оған былай деди:
– Мине, мен қартайып қалдым, қашан өлетуғынымды билмеймен. 3Енди сен қуралларыңды: садақ ҳәм оқларыңды ал да, дүзге кетип, мен ушын бир аң аўлап кел. 4Кейин мен жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлап, маған алып кел. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған пәтия берейин.
5Ысақ улы Эсаўға бул сөзлерди айтып атырғанда, буны Ребекка еситип турған еди. Эсаў аң аўлап әкелиў ушын дүзге кеткенде, 6Ребекка улы Яқыпқа былай деди:
– Мен әкеңниң әжағаң Эсаўға айтқан гәпин еситип қалдым. Әкең оған: 7«Маған бир аң аўлап әкелип, мазалы аўқат таярла. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған Жаратқан Ийе алдында пәтия берейин», – деди. 8Улым, енди мени дыққат пенен тыңлап алып, айтқанларымды исле: 9сүриўге барып, ол жерден маған еки ылақты сайлап әкел. Мен олардан әкең жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлайын. 10Соңынан сен оны жеўи ушын әкеңе апарасаң. Сонда әкең өлмесинен бурын саған пәтиясын береди. 11Яқып анасы Ребеккаға:
– Бирақ әжағам Эсаўдың денесин жүн басқан, ал мениң денемде жүн жоқ. 12Егер әкем мени сыйпалап көрсе не қыламан? Оны алдап атырғанымды билип қойса, пәтия орнына ғарғыс аламан-ғо, – деди.
13Анасы оған:
– Балам, саған келетуғын ғарғыс маған келсин. Сен мениң гәпиме кирип, ылақларды алып кел! – деди.
14Сонда Яқып барып, ылақларды анасына әкелип берди. Анасы олардан Ысақ жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлады. 15Соңынан Ребекка үлкен улы Эсаўдың үйдеги ең жақсы кийимлерин алып, киши улы Яқыпқа кийгизди. 16Оның қолларын ҳәм мойнының жүнсиз жерлерин ылақлардың териси менен орады. 17Кейин өзи таярлаған мазалы аўқат пенен нанды улы Яқыптың қолына берди.
18Солай етип, Яқып әкесиниң жанына келип:
– Аға! – деди.
Әкеси оған:
– Ләббәй, улым, сен кимсең? – деди.
19Яқып әкесине:
– Мен сениң туңғыш улың Эсаўман. Мен сениң айтқаныңды иследим. Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди.
20Ысақ улынан:
– Қалайынша бунша тез таптың, улым? – деп сорады.
Яқып әкесине:
– Сениң Қудайың болған Жаратқан Ийе мениң жолымды берди, – деп жуўап берди.
21Сонда Ысақ Яқыпқа:
– Жақынырақ кел, улым. Сен ырасында да, улым Эсаўсаң ба ямаса ол емессең бе, соны билиў ушын сени бир сыйпалап көрейин, – деди.
22Яқып әкеси Ысаққа жақынлады. Әкеси оны сыйпалап көрип: «Даўысы – Яқыптың даўысы, бирақ қоллары – Эсаўдың қоллары», – деп сөйленди. 23Яқыптың қоллары әжағасы Эсаўдың қолларындай жүнли болғанлығы себепли, Ысақ оны танымады. Сонлықтан ол пәтиясын бермекши болып атырып, 24және оннан:
– Сен ырасында да, улым Эсаўмысаң? – деп сорады.
– Аўа, Эсаўман, – деп жуўап берди Яқып.
25Сонда Ысақ оған:
– Улым өзиң әкелген аңның гөшин алып кел. Мен оны жеп, саған пәтиямды берейин, – деди.
Яқып дәслеп аўқатты, кейин шарапты әкелип, әкесине берди. Әкеси аўқаттан жеп, шараптан ишти. 26Соңынан Ысақ оған:
– Жақынырақ келип, мени сүй, улым! – деди.
27Яқып жақынырақ барып, әкесин сүйди. Ысақ оның кийимлеринен Эсаўдың ийисин сезди ҳәм Яқыпқа пәтиясын берип, былай деди:
«Мине, улымның ийиси,
Мегзер Жаратқан Ийе жарылқаған дала ийисине.
28Берсин Қудай саған аспан шығын,
Ҳәм жердиң өнимдар топырағын,
Мол ғәлле ҳәм жүзим суўын.
29Халықлар саған хызмет етсин,
Миллетлер алдыңда бас ийсин.
Бийлик ет туўысқанларыңның үстинен,
Қаналасларың алдыңда бас ийсин.
Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын,
Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын».
30Яқып Ысақтың пәтиясын ала сала, оның алдынан шығып баратырған ўақытта-ақ, әжағасы Эсаў аңнан қайтып келди. 31Эсаў да мазалы аўқат таярлап, әкесине әкелди. Соңынан ол әкесине:
– Аға! Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди.
32Әкеси оннан:
– Сен кимсең! – деп сорады.
– Мен – сениң туңғыш улың Эсаўман, – деп жуўап берди ол.
33Сонда Ысақ қатты шоршып, дирилдеп кетип:
– Ҳаў, олай болса, маған аң аўлап әкелген ким еди? Сен келместен бурын, мен тап жаңа ғана аўқатты жеп, оған пәтиямды берген едим. Енди пәтия алған ол болады, – деди.
34Эсаў әкесиниң сөзлерин еситкенде, ашшы даўыс пенен бақырып жылап:
– Маған да пәтияңды бер, аға! – деди.
35Бирақ әкеси оған:
– Иниң ҳийлекерлик пенен келип, саған тийисли пәтияны алып кетти, – деди.
36Сонда Эсаў әкесине:
– Ол бийкарға Яқып деп аталмаған шығар! Ол мени еки рет алдады-ғо: дәслеп туңғышлығымды алды, ал енди маған тийисли пәтияны да алып кетти, – деди. Соңынан ол және: – Мен ушын ҳеш қандай пәтия қалдырмадың ба? – деп сорады.
37Ысақ оған былай деп жуўап берди:
– Мен иниңди сени бийлейтуғын қылдым, барлық туўысқанларын оған хызметши еттим. Оны ғәлле ҳәм жаңа шарап пенен тәмийинледим. Енди мен сен ушын не ислей аламан, улым?
38Эсаў әкесине:
– Аға! Сенде пәтия тек биреў ме? Маған да пәтияңды бер, аға! – деп дад салып жылай баслады.
39Сонда Ысақ улына былай деп жуўап берди:
«Сениң мәканың өнимдар топырақтан,
Аспан шығынан жырақ болады.
40Қылышыңның күши менен жасап,
Иниңе хызмет етесең.
Бирақ оған қарсы бас көтергениңде,
Ол салған мойынтырықты ылақтырып таслайсаң».
41Әкеси пәтиясын Яқыпқа бергени ушын, Эсаў иниси Яқыпты жек көрип қалды. Эсаў: «Әкемниң өлими шамаласты. Оны азалаў күнлери өткеннен кейин, иним Яқыпты өлтиремен», – деп ойлап жүрди.
42Бирақ Ребекка үлкен улы Эсаўдың ойынан хабардар болғанда, киши улы Яқыпты шақыртып алып, оған былай деди:
– Мине, әжағаң Эсаў сени өлтириўди ойлап, өзин жубатып жүрипти. 43Енди улым, мениң сөзиме қулақ сал: ҳәзир-ақ Харанға, әжағам Лабанның жанына қашып кет. 44Әжағаңның ашыўы басыламан дегенше, бир қанша ўақыт Лабанның жанында қал. 45Әжағаңның ашыўы басылып, оған ислеген исиң есинен шыққаннан соң, мен биреўди жиберип, ол жерден сени алдыраман. Болмаса, мен бир күнде екеўиңизден де айырылып қаламан-ғо.
46Кейин Ребекка Ысаққа:
– Мына хет келинлеримиз мени жанымнан тойдырды. Егер Яқып та бул жердиң қызларына, хет қызларға үйленсе, онда маған жасаўдың неге кереги бар? – деди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in