YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 28

28
Яқыптың дайысы Лабанның үйине кетиўи
1Ысақ Яқыпты шақырып алып, оған пәтиясын берди ҳәм былай деп буйырды: «Қананлы қызларға үйленбе. 2Дәрҳал бул жерден кетип, Паддан-Арамға, анаңның әкеси Бетуелдиң үйине бар. Ол жерде дайың Лабанның қызларының биреўине үйлен. 3Қүдирети күшли Қудай сени жарылқасын, өсип-өндирип, көбейтсин ҳәм урпағыңнан көплеген халықлар таратсын. 4Ол Ибрайымға берген жарылқаўын саған ҳәм сениң урпақларыңа да берсин. Солай етип, сен ҳәзир келгинди болып жүрген жерди, Қудайдың Ибрайымға берген жерин меншик етип ийелегейсең». 5Соңынан Ысақ Яқыпты жолға атландырды. Яқып Паддан-Арамға, өзиниң ҳәм Эсаўдың анасы Ребекканың әжағасы, арамлы Бетуелдиң улы Лабанның үйине кетти.
Эсаўдың Исмайылдың қызына үйлениўи
6Ысақ Яқыпқа пәтия берип, үйлениўи ушын оны Паддан-Арамға жибергенин, оған пәтия берип атырып: «Қананлы қызларға үйленбе», – деп буйырғанын ҳәм 7Яқып ата-анасының сөзине қулақ салып, Паддан-Арамға кеткенин Эсаў билди. 8Солай етип, Эсаў қананлы қызлардың әкесине унамайтуғынын түсинди. 9Сонлықтан ол Ибрайымның улы Исмайылдың алдына барды ҳәм ҳаялларының үстине Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Махалатты ҳаяллыққа алды.
Яқыптың түси
10Яқып Беер-Шебадан шығып, Харанға қарай жол жүрди. 11Ол бир жерге жетип келгенде, түнеў ушын тоқтады. Себеби қуяш батып қалған еди. Ол сол жерден бир тасты алып, оны басының астына қойды да, уйықлаў ушын жатты. 12Яқып түсинде жер үстинде тик турған текшени көрди. Текшениң уша басы аспанға тийип турған болып, Қудайдың периштелери оның үстинде минип-түсип жүрген еди. 13Текшениң басында Жаратқан Ийе турған болып, Ол Яқыпқа былай деди: «Мен – Ибрайымның ҳәм Ысақтың Қудайы Жаратқан Ийемен. Сен жатқан жерди Мен саған ҳәм урпақларыңа беремен. 14Сениң урпақларың жердиң қумындай көп болып, батысқа ҳәм шығысқа, арқаға ҳәм қублаға жайылады. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен ҳәм сениң урпағың арқалы жарылқанады. 15Мен сениң менен биргемен. Қай жерге барсаң да, Мен сени қорғайман ҳәм сени және усы жерге қайтараман. Саған берген ўәдемди орынламағанымша, сени таслап кетпеймен».
16Яқып оянып: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийе усы жерде екен-ғо, бирақ мен билмеппен!» – деп ойлады. 17Ол қорқып кетип: «Бул жер қаншелли қорқынышлы! Бул Қудайдың Үйинен басқа ҳеш нәрсе емес, бул аспан дәрўазасы!» – деди.
18Яқып азанда ерте турып, басының астына қойған тасты алды да, оны естелик қылып тиклеп, үстине зәйтүн майын қуйды. 19Илгери Луз деп аталған бул қалаға Бейт-Эл#28:19 Бейт-Эл – «Қудайдың Үйи» дегенди билдиреди. деп ат қойды.
20Яқып ўәде берип, былай деди: «Егер Қудай мениң менен бирге болып, баратырған усы жолымда мени қорғаса, маған жеўге нан, кийиўге кийим берсе, 21сөйтип мени әкемниң үйине аман-есен қайтарса, онда Жаратқан Ийе мениң Қудайым болады. 22Мен естелик қылып тиклеген мына тас Қудайдың Үйи болады. Сениң маған беретуғыныңның ҳәммесинен Саған оннан бирин беремен».

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in