YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 39

39
Юсуп ҳәм Потифардың ҳаялы
1Исмайыллылар Юсупти Мысырға алып келди. Фараон сарайының хызметшиси, сақшылардың басшысы, мысырлы Потифар Юсупти исмайыллылардан сатып алды.
2Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, оны табыслы қылды. Солай етип, Юсуп мысырлы хожайынының үйинде жасады. 3Оның хожайыны Жаратқан Ийениң Юсуп пенен бирге екенин ҳәм ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылып атырғанын көрди. 4Юсуп хожайынының кеўлинен шықты ҳәм оның жақын хызметшисине айланды. Сонлықтан оны үйи ҳәм барлық мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип қойды. 5Хожайыны Юсупти үйи ҳәм пүткил мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлағаннан баслап, Жаратқан Ийе Юсуп себепли Потифардың үйин жарылқады. Оның үйине, атызына ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсеге берекет берди. 6Солай етип, Потифар өзиниң пүткил мал-мүлкин Юсуптиң ықтыярына тапсырып, өзи жейтуғын тамағынан басқа ҳеш нәрсе менен иси болмады.
Юсуп қәдди-қәўмети келискен, шырайлы жигит еди. 7Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған:
– Мениң менен жат, – деди.
8Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди:
– Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды. 9Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан?
10Ҳаял Юсупке өзи менен бирге жатыўды ҳәм бирге болыўды ҳәр күни усыныс етсе де, Юсуп оның айтқанына көнбеди.
11Бир күни Юсуп өз ислерин ислеў ушын үйге кирди. Үйде хызметшилерден ҳеш ким жоқ еди. 12Сонда Потифардың ҳаялы Юсуптиң шапанынан услап:
– Мениң менен жат, – деди. Бирақ Юсуп шапанын ҳаялдың қолында қалдырып, сыртқа қашып шықты.
13Ҳаял Юсуптиң шапанын таслап қашқанын көргенде, 14үй хызметшилерин шақырып, оларға:
– Қараңлар, күйеўим алып келген мына еврей бизлерди масқара қылды-ғо! Ол мениң менен жатыў ушын ишке кирди. Бирақ мен қатты қышқырдым. 15Ол мениң қышқырып бақырғанымды еситкенде, шапанын қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
16Хожайыны үйге келгенше, ҳаял Юсуптиң шапанын сақлап қойды. 17Ҳаял күйеўине де сол сөзлерди айтып:
– Сениң бул жерге алып келген еврей қулың маған келип, мени масқара қылмақшы болды. 18Бирақ мен қышқырып бақырғанымда, ол шапанын мениң қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
19Юсуптиң хожайыны ҳаялының: «Сениң қулың маған усылай иследи», – дегенин еситкенде ғәзепке минди. 20Ол Юсупти тутқынға алып, патшаның тутқынлары қамалатуғын қамақханаға таслатты.
Бирақ Юсуп қамақта болғанда да, 21Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, оған жақсылық иследи ҳәм қамақхана басшысына Юсупти унамлы етип көрсетти. 22Ол қамақханадағы барлық тутқынларды Юсуптиң қарамағына тапсырды. Ол жердеги барлық ислер ушын Юсуп жуўапкер болды. 23Қамақхана басшысы Юсупке тапсырған жумыслардың ҳеш бирине араласпады. Өйткени Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in