YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 40

40
Юсуптиң тутқынлардың түсин жорыўы
1Бир қанша ўақыттан соң, Мысыр патшасының шарап қуйыўшысы ҳәм нанбайы өз хожайынына, яғный Мысыр патшасына қарсы айып иследи. 2Фараон өзиниң усы еки хызметкерине, яғный бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайына ашыўланып, 3оларды сақшылардың басшысының үйине, Юсуп отырған қамақханаға қаматып таслады. 4Сақшылардың басшысы Юсупти олардың хызметине бекитти. Солай етип, олар бир қанша ўақыт қамақханада қалды.
5Бир күни түнде фараонның қамақта болған шарап қуйыўшысы менен нанбайы екеўи де түс көрди. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди. 6Ертеңине азанда Юсуп олардың жанына келгенде, екеўиниң де еңсеси түсип отырғанын көрди. 7Юсуп хожайынының үйинде өзи менен бирге қамалып жатырған фараонның хызметкерлеринен:
– Бүгин неге қапа көринесиз? – деп сорады.
8Олар:
– Бизлер түс көрген едик, бирақ оларды жорып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деди.
Юсуп оларға:
– Түс жорыў Қудайдан емес пе? Түслериңизди маған айтып бериңлер, – деди.
9Сонда бас шарап қуйыўшы түсин Юсупке айтып:
– Мен түсимде бир жүзим ағашын көрдим. 10Ағаштың үш шақасы бар екен. Олар бөрте сала гүллеп, солқым-солқым жүзим писти. 11Мениң қолымда фараонның кесеси бар екен. Мен жүзимлерди алып, фараонның кесесине сықтым да, кесени оның қолына бердим, – деди.
12Юсуп оған былай деди:
– Бул түс мынаны аңлатады: үш шақа – үш күн. 13Үш күн ишинде фараон сениң тәғдириңди шешеди ҳәм сен бурынғы хызметиңе қайтасаң. Оған бурынғыдай шарап усынатуғын боласаң. 14Бирақ исиң жүрискеннен кейин, мени есиңе ал. Маған жақсылық ислеп, фараонға мен туўралы айт ҳәм мени бул қамақханадан шығарып ал. 15Себеби мен еврейлердиң жеринен урлап әкелингенмен. Бул жерде де қамаққа таслағандай ҳеш нәрсе ислемедим, – деди.
16Бас нанбай Юсуптиң түсти жақсы жорығанын көрип, оған былай деди:
– Мен де түс көрдим. Түсимде басымда үш себет нан бар екен. 17Ең үстиндеги себетте фараонға арнап писирилген ҳәр түрли нан өнимлери бар екен. Бирақ қуслар басымдағы себеттен оларды шоқып жеп атыр екен, – деди.
18Юсуп оған былай деди:
– Бул түс мынаны аңлатады: үш себет – үш күн. 19Үш күн ишинде фараон тәғдириңди шешип, сени дарға астырады ҳәм қуслар келип, денеңди шоқыйды.
20Үшинши күни фараон өзиниң туўылған күнинде барлық хызметкерлерине арнап зыяпат берди. Сонда ол өз хызметкерлериниң алдында бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайының тәғдирин шешти. 21Бас шарап қуйыўшыны өз хызметине қайтарды. Солай етип, бас шарап қуйыўшы және фараонға кесесин усынатуғын болды. 22Бирақ бас нанбайды, Юсуп жорығандай, дарға астырды. 23Бас шарап қуйыўшы Юсупти еске алмады, оны умытып жиберди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in