YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 41

41
Юсуптиң фараонның түсин жорыўы
1Арадан еки жыл өткенде, фараон түс көрди. Түсинде ол Нил дәрьясының жағасында тур екен. 2Дәрьядан шырайлы ҳәм семиз, жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады. 3Соңынан дәрьядан сықылсыз ҳәм арық жети сыйыр шығып, дәрьяның жағасындағы алдынғы сыйырлардың жанына барып турды. 4Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар шырайлы ҳәм семиз жети сыйырды жеп қойды. Сол ўақытта фараон оянып кетти.
5Ол және уйықлап кетип, қайтадан түс көрди. Түсинде бир пақалда жети жақсы ҳәм толық масақ өсип тур екен. 6Соңынан пуш ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты. 7Бул пуш масақлар жақсы ҳәм толық масақларды жутып жиберди. Сол ўақытта фараон уйқысынан оянып кетип, буның түс екенин билди.
8Азанда фараон тынышсызланып, Мысырдың барлық ўәлий руўханийлери менен данышпанларын шақыртып алды да, оларға көрген түслерин айтып берди. Деген менен, олардың ҳеш бири фараонның түслерин жорый алмады.
9Сонда бас шарап қуйыўшы фараонға былай деди:
– Бүгин мен өз айыбымды мойынлаўға мәжбүрмен. 10Бир күни сиз өзиңиздиң қулларыңыз болған маған ҳәм бас нанбайға ашыўланып, бизлерди сақшылардың басшысының үйине, қамақханаға қаматқан едиңиз. 11Бир күни түнде екеўимиз де түс көрдик. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди. 12Сол жерде бизлер менен бирге сақшылардың басшысының қулы болған, бир еврей жигит бар еди. Бизлер түслеримизди оған айтып бергенимизде, ол жорып берди. 13Ҳәмме нәрсе ол жорығандай болды: мен өз хызметиме қайттым, ал нанбай дарға асылды.
14Сонда фараон Юсупке адам жиберип, оны тезлик пенен қамақханадан алдырды. Юсуп сақал-муртын алып, кийимлерин алмастырғаннан кейин, фараонның алдына келди. 15Фараон Юсупке:
– Мен бир түс көрдим, бирақ оны ҳеш ким жорый алмады. Еситиўимше, сен түс жорый алады екенсең, – деди.
16Юсуп фараонға:
– Түс жорыў мениң қолымда емес. Бирақ сизиң ийгилигиңиз ушын, Қудайдың Өзи жорыйды, – деди.
17Сонда фараон Юсупке былай деди:
– Түсимде Нил дәрьясының жағасында турған екенмен. 18Сол ўақытта дәрьядан семиз ҳәм шырайлы жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады. 19Соңынан дәрьядан арық, сықылсыз ҳәм ети сүйегине жабысқан жети сыйыр шықты. Мен пүткил Мысыр елинде бундай арық сыйырларды ҳеш көрмеген едим. 20Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар семиз сыйырларды жеп қойды. 21Бирақ семиз сыйырлар олардың қарнына түссе де, ҳеш нәрсе болмағандай, арық сыйырлар бурынғысынша арық болып қала берди. Соннан кейин, мен оянып кеттим.
22Кейин мен басқа түс көрдим. Түсимде бир пақалда толық ҳәм жақсы жети масақ өсип шыққанын көрдим. 23Соңынан пуш, жиңишке ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты. 24Жиңишке масақлар жақсы жети масақты жутып жиберди. Мен түслеримди ўәлий руўханийлерге айтып бердим, бирақ олардың ҳеш бири жорый алмады.
25Юсуп фараонға былай деди:
– Фараон, сизиң еки түсиңиз де бир мәнисти аңлатады. Қудай не ислейжағын сизге билдирипти. 26Жети шырайлы сыйыр – жети жыл. Жети жақсы масақ та – жети жыл. Бул түслердиң мәниси бир. 27Олардан соң шыққан арық ҳәм сықылсыз жети сыйыр менен шығыс самалы кептирген жети жиңишке масақ жети жыл ашлық болатуғынын билдиреди. 28Мен жаңа айтқанымдай, Қудай не ислейжағын сизге көрсетипти. 29Пүткил Мысыр жеринде жети жыл молшылық болады. 30Ал оннан кейин болса, молшылық жылларын умыттыратуғын жети жыл ашлық болады. Бул ашлық жерди жүдетип жибереди. 31Кейин болатуғын ашлық соншелли аўыр болғанлықтан, бурын болған молшылықты умыттырып жибереди. 32Сизиң бир мәнистеги түсти еки рет көриўиңиздиң мәниси – Қудайдың анық қарар еткенин ҳәм буны тез арада иске асыратуғынын билдиреди.
33Енди сиз ақыллы ҳәм дана бир адамды таўып, оған Мысырды басқарыўды тапсырың. 34Және де, сиз ел үстинен қадағалаўшыларды тайынлап, Мысыр жериндеги молшылықтың жети жылында өнимниң бестен бир бөлегин жыйнатың. 35Ол адамлар келешектеги молшылық жылларының пүткил азығын топлап, қалалардағы сизге тийисли телеклерге жыйнап сақласын. 36Жети жыллық ашлық ўақтында бул ғәлле қорлары Мысырға азық болып, ел ашлықтан қырылмайды.
Юсуптиң Мысыр үстинен ҳүкимдар болыўы
37Бул усыныс фараонға ҳәм оның барлық хызметкерлерине мақул түсти. 38Фараон хызметкерлерине:
– Бизлер Қудайдың Руўхына ийе болған бул адамнан басқа биреўди таба аламыз ба? – деди.
39Соңынан ол Юсупке былай деди:
– Қудай булардың ҳәммесин саған ашып берген екен, демек, сеннен ақыллы ҳәм дана адам болмағаны. 40Мен сарайымды басқарыўды саған тапсыраман, пүткил халқым сениң буйрықларыңа қулақ асатуғын болады. Мен тахтым менен ғана сеннен үстин боламан. 41Ҳәзирден баслап, мен сени пүткил Мысыр үстинен ҳүкимдар етип тайынлайман.
42Соңынан фараон бармағындағы мөр жүзигин шешип алып, Юсуптиң бармағына тақты. Оған ҳасыл зығыр шапан кийгизип, мойнына алтын шынжыр тақты. 43Фараон Юсупти өзинен кейинги екинши дәрежели арбаға миндирип, оның алдында: «Тәжим етиңлер!» – деп жар салыўды буйырды. Солай етип, фараон Юсупти пүткил Мысыр ели үстинен ҳүкимдар етип қойды. 44Соңынан фараон Юсупке және:
– Фараон – мен боламан, бирақ сениң рухсатыңсыз пүткил Мысырда ҳеш ким тырп ете алмайды, – деди. 45Фараон Юсупке Сафнат-Панеах деген ат қойып, оны Уон қаласындағы руўханий Потифераның қызы Асенатқа үйлендирди. Солай етип, Юсуп Мысыр елин аралап шықты.
46Юсуп Мысыр патшасы фараонның хызметине тайынланғанда отыз жасында еди. Юсуп фараонның алдынан кетип, пүткил Мысыр жерин аралаўға шықты. 47Жети жыллық молшылық ўақтында жер мол өним берди. 48Юсуп Мысырда жети жыл ишинде өнген өнимлердиң ҳәммесин жыйнап, қалаларда сақлады. Ҳәр бир қала әтирапындағы атызларда өнген өнимлерди сол қалаға жыйнап қойды. 49Юсуп теңиз қумындай мол ғәлле жыйнағанлықтан, оны өлшеўди тоқтатты. Өйткени ғәлле өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп еди.
50Ашлық жыллары басланбастан бурын Уон қаласының руўханийи Потифераның қызы Асенат Юсупке еки ул туўып берди. 51Юсуп: «Қудай маған барлық қыйыншылықларымды ҳәм әкемниң үйин умыттырды», – деп, туңғыш улының атын Менашше#41:51 Менашше – «умыттырыў» дегенди билдиреди. деп қойды. 52Юсуп екинши улын Эфрайым#41:52 Эфрайым – «еки есе өнимли» дегенди билдиреди. деп атап: «Қыйыншылық көрген елимде Қудай мени өсип-өндирди», – деди.
53Мысырда жети жыллық молшылық та тамамланды. 54Юсуптиң айтқанындай, жети жыллық ашлық басланды. Ҳәмме еллерде ашлық болса да, пүткил Мысыр елинде азық-аўқат болды. 55Пүткил Мысыр ели аш бола баслағанда, халық фараонға жалбарынып, нан сорады. Сонда фараон оларға: «Юсупке барыңлар, ол сизлерге не десе, соны ислеңлер», – деди. 56Ашлық пүткил елди жайлап алғанда, Юсуп телеклерди ашып, мысырлыларға ғәлле сата баслады. Себеби Мысырда ашлық ҳәўиж алған еди. 57Юсуптен ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға барлық еллерден адамлар келетуғын еди. Өйткени пүткил жер жүзинде ашлық күшейген еди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in