YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 43

43
Беняминниң Мысырға алып барылыўы
1Қанан жериндеги ашлық күшли еди. 2Мысырдан алып келинген ғәлле таўысылғаннан кейин, Яқып улларына:
– Және барып, аз-маз азық-аўқат сатып әкелиңлер, – деди.
3Яҳуда әкесине былай деди:
– Ол адам бизлерге: «Егер иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбеңлер», – деп қатаң айтқан еди. 4Егер инимизди бизлер менен бирге жиберсең, барып, саған азық-аўқат алып келемиз. 5Егер жибермесең, бизлер бара алмаймыз, себеби ол адам: «Иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген еди.
6Израил:
– Не ушын сизлер ол адамға және бир иниңиздиң бар екенин айтып, мениң басымды бәлеге қойдыңыз? – деди.
7Олар әкесине:
– Ол адам бизлерден өзлеримиз ҳәм туўысқанларымыз ҳаққында шуқлап сорап: «Әкеңиз еле тири ме? Басқа туўысқаныңыз бар ма?» – дегенде, бизлер оның сораўларына жуўап бердик. Оның бизлерге: «Иниңизди алып келиң», – деп айтатуғынын қаяқтан билиппиз? – деди.
8Яҳуда әкеси Израилға:
– Баланы мениң менен жибер, кетейик. Сонда сен де, бизлер де, балаларымыз да өлмей, тири қаламыз. 9Мен бала ушын басым менен жуўап беремен, оны меннен талап етесең. Егер мен оны алдыңа қайтарып әкелмесем, онда бир өмир сениң алдыңда айыпкер боламан. 10Егер ўақытты соза бермегенимизде, ҳәзирге дейин еки рет барып келген болар едик, – деди.
11Ақырында Израил улларына былай деди:
– Мейли, онда былай ислең: өзлериңиз бенен бирге бул жердиң ең жақсы өнимлеринен алып, ол адамға саўғаға аз-маз бальзам, аз-маз пал ҳәм мум, ладан#43:11 Ладан – хош ийисли шайыр., писте, бадам алып барыңлар. 12Қапларыңыздың аўзында қайтып келген гүмислерди қайтарып бериўиңиз ушын, еки есе гүмис алып кетиңлер. Мүмкин, алжасық болған шығар. 13Иниңизди алып, сол адамға қайтып барыңлар. 14Қүдирети күшли Қудай ол адамның жүрегине сизлерге деген реҳим берсин, ол сизлердиң сол туўысқаныңыз бенен Беняминди сизлерге қайтарып берсин. Ал маған келсек, егер мен баласыз қалатуғын болсам, мейли, баласыз қала қояйын.
15Солай етип, туўысқанлар саўғаларды, еки есе гүмисти ҳәм Беняминди алып, Мысырға қарай жолға шықты ҳәм Юсуптиң алдына келди. 16Юсуп олардың жанындағы Беняминди көргенде, өзиниң үй басқарыўшысына:
– Бул адамларды мениң үйиме алып бар да, мал сойып, аўқат таярла. Өйткени олар түски аўқатты мениң менен бирге жейди, – деди.
17Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай ислеп, оларды Юсуптиң үйине алып барды. 18Туўысқанлар өзлериниң Юсуптиң үйине апарылғанын көргенде қорқып кетип, бир-бирине: «Бурын қапларымызға қайтарып салынған гүмисти сылтаўлап, ол бизлерди усы жерге алып келген шығар. Ол бизлерге топылып, өзлеримизди қул етпекши ҳәм ешеклеримизди тартып алмақшы шығар», – дести.
19Олар қапының кирер аўзында Юсуптиң үй басқарыўшысына жақынлап барып:
20– Мырзамыз, бизлер буннан алдын азық-аўқат сатып алыў ушын бул жерге келген едик. 21Қайтарсын түнеген жеримизде қапларымызды ашып қарағанымызда, ҳәр биримиз гүмисимиздиң басы бузылмай, қаптың аўзында турғанын көрип, ҳайран қалдық. Бизлер оны қайтарып алып келдик. 22Буннан тысқары, бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын қосымша гүмис алып келдик. Ал сол гүмисимизди қапларымызға ким салып қойғанын бизлер билмеймиз, – деди. 23Үй басқарыўшысы:
– Қәўетерленбеңлер ҳәм қорқпаңлар. Қапларыңыздағы бул ғәзийнени сизлердиң ҳәм әкеңиздиң Қудайы қапларыңызға салып кетипти. Мен гүмисиңизди алдым, – деди.
Соңынан ол Шимонды олардың алдына алып келди.
24Үй басқарыўшы оларды Юсуптиң үйине алып келип, аяқларын жуўыў ушын суў ҳәм ешеклерине жем берди. 25Туўысқанлар түске, Юсуптиң келиўине саўғаларын таярлап қойды. Себеби өзлериниң сол жерде аўқатланатуғынын еситкен еди.
26Юсуп үйге келгенде, олар саўғаларын ишке әкелип, Юсупке берди ҳәм оның алдында жерге дейин ийилип, тәжим етти. 27Юсуп олардан ҳал-аўҳал сорап болғаннан кейин:
– Өзлериңиз айтқан ғарры әкеңиз аман-саў жүр ме? Ол еле тири ме? – деди.
28– Сизиң қулыңыз болған әкемиз аман-саў жүр, ол еле тири, – деп олар ҳүрмет пенен ийилип, тәжим етти.
29Юсуп көз таслап, өзи менен бир анадан туўылған иниси Беняминди көргенде:
– Бул маған айтқан генже иниңиз бе? – деп сорады ҳәм Беняминге: – Қудай саған мийримин түсирсин, улым, – деди де, 30дәрҳал сол жерден шығып кетти. Өйткени туўысқанын көргенде, оның жүреги елжиреп кеткен еди. Юсуп бөлмесине кирип, сол жерде жылап алды.
31Ол бетин жуўғаннан кейин сыртқа шықты да, өзин қолға алып:
– Аўқат әкелинсин! – деп буйырды.
32Юсупке бөлек, аға-инилерине бөлек ҳәм Юсуп пенен аўқатланып отырған мысырлыларға бөлек дастурхан жайылды. Себеби мысырлылар еврейлер менен бирге аўқат жемейтуғын еди, бул олар ушын мәкириў есапланатуғын еди. 33Туўысқанлары Юсуптиң қарсы алдында үлкенинен кишисине дейин, жасы бойынша отырды. Олар таң қалысып, бир-бирине қарады. 34Юсуптиң дастурханынан оларға аўқат жиберилди. Сонда Беняминниң пайы басқаларға қарағанда бес есе артық болды. Олар Юсуп пенен бирге ишип, кеўил көтерип отырды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in