YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 45

45
Юсуптиң туўысқанларына өзин танытыўы
1Сонда Юсуп хызметшилердиң алдында өзин артық тута алмай:
– Ҳәммени бул жерден шығарып жибериң! – деп бақырды. Солай етип, Юсуп туўысқанларына өзин танытқанда, оның жанында ҳеш ким жоқ еди. 2Оның даўыслап жылағаны соншелли, мысырлылар да оның жылағанын еситти. Бул ҳаққында хабар фараонның сарайына да жетип барды.
3Юсуп туўысқанларына:
– Мен Юсуппен! Әкем еле тири ме? – деди. Бирақ туўысқанлары оның алдында албырап, не деп жуўап берерин билмеди.
4Юсуп оларға:
– Маған жақынырақ келиңлер, – деди. Олар жақынырақ келгенде, Юсуп сөзин былай деп даўам етти:
– Мен сизлер Мысырға сатып жиберген туўысқаныңыз Юсуппен! 5Мени бул жерге сатып жибергениңиз ушын қыйналмаң ҳәм өзлериңизди айыпламаң. Қудай адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди. 6Елде еки жылдан бери ашлық болмақта, және бес жыл даўамында жер де егилмейди, зүрәәт те жыйналмайды. 7Қудай жер жүзинде урпақларыңызды сақлап қалыў ушын ҳәм таң қаларлық жол менен жанларыңызды қутқарыў ушын, мени сизлерден алдын бул жерге жиберди. 8Мени бул жерге сизлер жибергениңиз жоқ, ал Қудай жиберди. Ол мени фараонға кеңесгөй, оның сарайына хожайын ҳәм пүткил Мысыр елине басшы етип қойды. 9Сизлер дәрҳал әкемниң алдына барың да, оған улыңыз Юсуп: «Қудай мени пүткил Мысыр елине басшы етип қойды. Иркилмей, жаныма кел. 10Сен балаларың, ақлықларың, сүриў ҳәм падаларың, пүткил мал-мүлкиң менен бирликте Гошен жерине орналасып, мениң жанымда боласаң. 11Сол жерде мен сени бағаман, өйткени ашлық және бес жыл даўам етеди. Болмаса сен, хожалығың ҳәм саған тийисли ҳәмме нәрсе набыт болады», – деп айтып атыр деңлер.
12Соңынан ол туўысқанларына және:
– Мине, сизлер де, иним Бенямин, сен де өз көзлериңиз бенен көрип турғаныңыздай, сизлерге бул сөзлерди айтып турған мен – ҳақыйқаттан да, Юсуп боламан. 13Мысырда мениң қаншелли атақ-абырайға ийе екенимди ҳәм өзлериңиз көрген нәрселердиң ҳәммесин әкеме айтып бериң. Әкемди дәрҳал бул жерге алып келиң, – деди.
14Соңынан Юсуп иниси Беняминниң мойнынан қушақлап жылады. Бенямин де оны қушақлап жылады. 15Юсуп барлық ағаларын да сүйип, оларды қушақлап жылады. Кейин туўысқанлары оның менен сөйлесе баслады.
16Юсуптиң туўысқанлары келгени ҳаққында хабар фараонның сарайына жетип барғанда, фараон ҳәм оның хызметшилери буған қуўанды. 17Фараон Юсупке былай деди:
– Туўысқанларыңа айт, олар ешеклерине жүклерин артып, Қананға қайтсын. 18Әкесин ҳәм хожалықларын алып, усы жерге қайтып келсин. Мен оларға Мысырдың ең жақсы жерлерин беремен, ишип-жейтуғыны мол болады. 19Және де, оларға былай деп айтыўыңды да буйыраман: балалары ҳәм ҳаяллары ушын Мысырдан арбалар алып кетсин ҳәм әкеңизди бул жерге алып келсин. 20Қалып кеткен затларына ашынбасын, пүткил Мысырдың ең жақсы затлары олардики болады.
21Израилдың уллары айтылғанларды иследи. Юсуп фараонның буйрығы бойынша оларға арбалар ҳәм жол ушын азық берди. 22Юсуп олардың ҳәр бирине бир шапаннан, ал Беняминге үш жүз шекел гүмис пенен бес шапан берди. 23Ол әкесине арнап, он ешекке Мысырдың ең жақсы затларын жүкледи ҳәм әкесиниң жолы ушын, он машаға дән, нан ҳәм азық-аўқат артып жиберди. 24Юсуп туўысқанларын жолға шығарып салып атырып:
– Жолда жәнжеллесип жүрмеңлер, – деди.
25Юсуптиң туўысқанлары Мысырдан шығып, Қанан елине, әкеси Яқыптың жанына қайтып келди. 26Олар әкесине:
– Юсуп тири екен, ол ҳәзир пүткил Мысыр елин басқарып тур, – деди. Бирақ Яқыптың жүреги бүлк етпеди ҳәм оларға исенбеди. 27Олар әкесине Юсуптиң өзлерине айтқан барлық сөзлерин айтып берди. Яқып өзин көширип әкелиў ушын Юсуптиң жиберген арбаларын көргенде, руўхына жан кирди. 28Сонда Израил:
– Енди исенемен, улым Юсуп еле тири екен! Өлмесимнен бурын барып, оны көретуғын болдым, – деди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in