YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 48

48
Яқыптың Эфрайым менен Менашшеге пәтиясын бериўи
1Буннан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Юсупке: «Әкең аўырып атыр», – деген хабар жеткенде, ол уллары Менашше менен Эфрайымды ертип, әкесине кетти. 2Яқыпқа: «Улыңыз Юсуп келди», – деп хабарлағанда, Израил күшин жыйнап, төсегинде турып отырды.
3Яқып Юсупке:
– Қүдирети күшли Қудай Қанан жериндеги Лузда маған көринди ҳәм мени жарылқап, 4маған: «Мен сени өсип-өндирип, көбейтемен. Урпағыңнан көплеген халықлар жаратаман. Бул жерди сеннен кейинги урпақларыңа мәңгиге меншик етип беремен», – деген еди. 5Мен Мысырға келмесимнен алдын, сениң бул жерде туўылған еки улың Эфрайым менен Менашше енди меники болып есапланады. Олар мен ушын Рубен ҳәм Шимон менен теңдей. 6Олардан кейин туўылатуғын балаларың өзиңдики болады. Оларға Эфрайым ҳәм Менашше арқалы мийрас өтеди. 7Мен Падданнан қайтып киятырғанымда, Қанан елинде, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳила қайтыс болып, мен оннан айырылып қалдым. Оны Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерледим, – деди.
8Израил Юсуптиң улларын көрип:
– Булар кимлер? – деп сорады.
9Юсуп әкесине:
– Булар – Қудайдың маған Мысырда берген уллары, – деди.
Сонда Израил оған:
– Оларды маған жақынлат, оларға пәтиямды берейин, – деди.
10Қартайғанлықтан, Израилдың көзлери әззилеп, жақсы көрмейтуғын еди. Юсуп улларын әкесине жақынлатқанда, әкеси оларды сүйип, қушақлады. 11Соңынан Израил Юсупке:
– Мен сениң дийдарыңды көриўден үмитимди үзген едим, бирақ, минекей, Қудай маған сениң перзентлериңди де көрсетти, – деди.
12Юсуп әкесиниң дизесинде отырған улларын шетке алды да, маңлайы жерге тийгенше ийилип, әкесине тәжим етти. 13Соңынан Юсуп Эфрайымды оң жағына алып, Израилдың шеп қолына туўрылап, ал Менашшени шеп жағына алып, Израилдың оң қолына туўрылап турғызды. 14Бирақ Израил қолларын айқастырып, туңғыш ул Менашше болыўына қарамастан, оң қолын киши ул Эфрайымның басына, ал шеп қолын туңғыш ул Менашшениң басына қойды.
15Кейин Юсупке пәтиясын берип былай деди:
– Аталарым Ибрайым менен Ысақтың хызмет еткен Қудайы, усы күнге дейин, өмирим бойы мениң шопаным болған Қудай, 16мени барлық жаманлықлардан сақлап келген периште бул өспиримлерди жарылқасын! Мениң атым ҳәм аталарым Ибрайым менен Ысақтың атлары олар арқалы даўам етсин. Олар жер бетинде есап-сансыз болып көбейсин.
17Әкесиниң оң қолын Эфрайымның басына қойғаны Юсупке унамады. Сонлықтан ол әкесиниң қолын Эфрайымның басынан алып, Менашшениң басына қоймақшы болды. 18Юсуп әкесине:
– Әке, олай емес, туңғыш ул Менашше болады, оң қолыңды оның басына қой, – деди.
19Бирақ әкеси келисим бермей:
– Билемен, улым, билемен. Менашшеден де уллы бир халық шығады. Бирақ оның иниси оннан да уллырақ болып, урпақларынан көп халықлар келип шығады, – деди.
20Сол күни Израил оларға пәтиясын берип, былай деди:
– Израиллылар пәтия бергенде: «Қудай сени Эфрайым ҳәм Менашшедей қылсын!» – деп сизлердиң атыңыз бенен пәтия беретуғын болады.
Усылайынша Яқып Эфрайымды Менашшеден жоқары қойды. 21Соң Израил Юсупке:
– Мениң өлимим жақынласты. Қудай сизлер менен бирге болып, сизлерди ата-бабаларыңыздың жерине қайтарады. 22Саған туўысқанларыңнан бир пай артық етип, таў етегиндеги жерди де беремен. Оны мен қылыш ҳәм садағым менен амор халқынан тартып алған едим, – деди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in