YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 49

49
Яқыптың улларына пәтиясын бериўи
1Яқып улларын жанына шақырып алып, былай деди:
– Жаныма жыйналыңлар, мен келешекте сизлерге не болатуғынын билдирейин.
2Жыйналып қулақ салыңлар,
Ҳәй, Яқып уллары,
Тыңлаңыз әкеңиз Израилды!
3Ҳәй сен, Рубен, мениң туңғышым,
Еркеклик күшимниң дәслепки жемиси,
Сен ҳүрмет ҳәм күш жағынан ең үстинсең.
4Бирақ тасқаның ушын суў сыяқлы,
Үстем болмайсаң ҳеш қашан енди.
Өйткени кирдиң сен әкеңниң төсегине,
Төсегиме кирип, ҳарамладың оны.
5Ағайинли Шимон ҳәм Лебий,
Қылышлары – жаўызлық қуралы.
6Олардың жасырын жобасына шерик болмайын,
Жыйынына да қатнаспайын мен.
Себеби олар ашыўға минип, адам өлтирди,
Кеўли күсегенин қылып,
Кести буғалардың тирсеклерин.
7Нәлет жаўсын олардың реҳимсиз ашыўына,
Нәлет жаўсын олардың жаўыз ғәзебине!
Оларды бөлип жиберип, Яқып халқының арасына,
Тарқатаман Израил халқының арасына.
8Ҳәй Яҳуда, туўысқанларың сени мақтайды.
Қолың жаўыңның желкесинен түспейди,
Туўысқанларың алдыңда бас ийеди.
9Яҳуда, сен жас арыслансаң,
Улым мениң! Аң аўлап қайттың,
Жатасаң арыслан сыяқлы ширенип,
Мазаңды алыўға кимниң батылы жетер?
10Ҳақыйқый ийеси келгенге дейин,
Патшалық ҳасасы алынбас сеннен.
Бийлик бәрқулла сеники болып,
Халықлар саған бойсынар.
11Байларсаң ешегиңди жүзим ағашына,
Гүрреңди мийўели шақасына.
Жуўарсаң кийимлериңди шарапқа,
Шапаныңды жүзимниң қанына.
12Шараптан нурлы болар көзлериң,
Сүттен ақ болар сениң тислериң.
13Зебулон жасайды теңиз бойында,
Кемелерге жағыс болар ол,
Мәканлаған жери болар Сидонға шекем.
14Жүклер арасында жатырған,
Иссахар – бир күшли ешек.
15Ол қашан дем алатуғын жақсы жер,
Унайтуғын бир ел көрсе,
Жүкти көтериў ушын ыйығын тутып,
Ерксиз хызметшиге айланар.
16Дан да Израилдың бир урыўы болып,
Өз халқына қазылық етер.
17Дан – жол шетиндеги жылан,
Ол – соқпақта жатырған бир уўлы жылан.
Ол аттың табанынан шаққанда,
Атлыны шалқасына жығылтар.
18Сениң қутқарыўыңды күтпектемен, Жаратқан Ийе!
19Гад басқыншылар ҳүжимине ушырар,
Бирақ олардың изинен қуўып, шабыўыл жасар.
20Ашердиң азық-аўқаты тойымлы келер,
Ол патшаға сай ләззетли тағам жетистирер.
21Нафталий – бир азат суўын,
Оннан әжайып балалар туўылар.
22Юсуп – мийўели ағаш,
Ол – булақ басындағы жемисли терек.
Шақалары дийўалдан асып өтер,
23Оған садақшылар реҳимсиз ҳүжим етти,
Душпанларша үстине оқлар жаўдырды.
24Бирақ Израилдың Қорғаўшы жартасы ҳәм Шопаны болған,
Яқыптың Күшли Қудайының жәрдеминде,
Қоллары оның қарыўлы ҳәм шаққан болды,
Сонлықтан ол садағын беккем услады.
25Әкеңниң Қудайы сени қоллап турар,
Жоқарыдағы аспанның берекети менен,
Жердеги терең булақлардың берекети менен,
Көкирек сүти ҳәм ана қурсағының берекети менен,
Қүдирети күшли Қудай сени жарылқар.
26Әкеңниң берген пәтиялары,
Уллырақ болар әййемги таўлардың берекетлеринен,
Ески төбешиклер молшылығынан да.
Пәтияларым туўысқанлары ишинен таңланған Юсупке қонсын!
27Бенямин – аш қасқыр,
Ол аўлаған аңын азанда жеп,
Кеште олжаны бөлисер.
28Израилдың он еки урыўы усылар. Әкеси оларға бул сөзлерди айтып, ҳәр бирине минәсип болған пәтияны берген еди.
Яқыптың өлими
29Буннан кейин, Яқып улларына былай деп ўәсият етти:
– Мен өлип, ата-бабаларыма қосылажақпан. Мени ата-бабаларымның жанына, хет халқынан болған Эфронның атызындағы үңгирге апарып қойыңлар. 30Бул үңгир Қанан жеринде, Мамреге жақын жердеги Махпела атызында жайласқан. Оны Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын сатып алған еди. 31Ол жерге Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара, Ысақ ҳәм оның ҳаялы Ребекка қойылған. Мен Леаны да сол жерге қойдым. 32Бул атыз ҳәм ондағы үңгир хетлерден сатып алынған еди.
33Яқып улларына бул ўәсият сөзлерин айтып болғаннан соң, төсегинде аяқларын жыйнап жатты да, деми таўысылып, өз ата-бабаларына қосылды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in