YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 50

50
1Сонда Юсуп өзин әкесиниң үстине таслап, жылап турып, оны сүйди. 2Ол өз хызметиндеги шыпакерлерге әкесиниң денесин мумиялаўды буйырды. Олар Израилды мумиялады. 3Бул ис қырық күнге созылды. Себеби мумиялаўға сонша ўақыт керек еди. Мысырлылар Израил ушын жетпис күн аза тутты.
4Азалаў күнлери өткеннен кейин, Юсуп фараонның ўәзирлерине:
– Маған мийрим көрсетип, фараонға мыналарды жеткизиңлер. 5Әкем маған ант иштирип: «Мениң өлимим жақынласты. Мени Қанан жериндеги өзим ушын қаздырған қәбирге апарып қой», – деген еди. Енди фараон әкемди жерлеп қайтыўыма рухсат берсин, – деди.
6Сонда фараон Юсупке:
– Әкеңе берген антыңды орынлап, оны жерлеп қайт, – деди.
7Солай етип, Юсуп әкесин жерлеўге кетти. Фараонның барлық хызметшилери, сарайдың ҳәм Мысыр елиниң басшылары оның менен бирге кетти. 8Сондай-ақ, Юсуптиң пүткил хожалығы, туўысқанлары ҳәм әкесиниң үй-иши де оның менен бирге еди. Тек балаларды, майда ҳәм ири малларды Гошен жеринде қалдырды. 9Саўаш арбалар ҳәм оның үстиндеги әскерлер де оларға қосылып, үлкен көшке айланды.
10Олар Иордан дәрьясының шығысындағы Атад қырманына жетип барғанда, ўай-ўайлап жылап, даўыс шығарды. Юсуп әкеси ушын жети күн аза тутты. 11Сол жерде жасайтуғын қананлылар Атад қырманындағы азалаў мәресимин көрип: «Мысырлылар қаншелли аўыр аза тутып атыр!» – дести. Сол себепли Иорданның шығысындағы бул жерге Абел-Мисрайым#50:11 Абел-Мисрайым – «мысырлылардың аза тутыўы» дегенди билдиреди. аты берилди.
12Яқыптың уллары әкесиниң ўәсиятын толық орынлады. 13Оның денесин Қанан жерине әкелип, Мамреге жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. Бул үңгирди Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын атыз бенен бирге сатып алған еди. 14Юсуп әкесин жерлеп болғаннан соң, оның өзи, туўысқанлары ҳәм оның менен бирге әкесин жерлеўге барғанлардың ҳәммеси Мысырға қайтты.
Юсуптиң ағаларына тәселле бериўи
15Әкеси өлгеннен кейин, Юсуптиң ағалары бир-бирине: «Егер Юсуп бизлерге еле де кек сақлап жүрген болып, оған ислеген жаманлықларымыз ушын бизлерден өш алмақшы болса не қыламыз?» – дести. 16Солай етип, олар Юсупке мынадай хабар жоллады: «Әкемиз өлмесинен алдын ўәсият етип, 17саған: „Ағаларыңның саған ислеген жаманлығын, олардың айып ҳәм гүнасын кешир“, – деп айтыўымызды тапсырған еди. Енди сен әкеңниң Қудайының қуллары болған бизлердиң гүнамызды кешир!» Юсуп бул хабарды еситкенде жылап жиберди.
18Соннан кейин, ағаларының өзлери Юсупке келип, оның алдында жерге жығылып:
– Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.
19Бирақ Юсуп оларға:
– Қорқпаңлар! Мен Қудай емеспен. 20Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай көп адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, ҳәзир өзлериңиз көрип турғаныңыздай, бул жаманлықты жақсылыққа айландырды. 21Сонлықтан қорқпаңлар, мен сизлерди де, балаларыңызды да бағаман, – деди де, ағаларының жүрегине жағатуғын жыллы сөзлер айтып, оларға тәселле берди.
Юсуптиң өлими
22Солай етип, Юсуп ҳәм оның әкесиниң үй-иши Мысырда жасап қалды. Юсуп бир жүз он жыл жасады. 23Юсуп Эфрайымның ақлық-шаўлықларын көрди. Менашшениң улы Махирдиң улларын баўырына басты.
24Юсуп туўысқанларына:
– Мениң өлимим жақынласты. Бирақ Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Ол сизлерди бул жерден алып шығып, Өзи Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерине апарады, – деди.
25Соңынан оларға ант иштирип:
– Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сизлер мениң сүйегимди бул жерден алып кетиңлер, – деди.
26Юсуп бир жүз он жасқа шығып қайтыс болды. Оның денесин мумиялап, Мысырда бир табытқа салып қойды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in