YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 9:12-13

Жаратылыс 9:12-13 КРКМК22

Қудай сөзин даўам етип былай деди: «Мениң сизлер ҳәм ҳәр бир жанлы жаныўар менен барлық келешек урпақлар ушын мәңгиге дүзип атырған келисимимниң белгиси мынаў: Мен Өз айқулағымды бултларға жайластыраман ҳәм ол Мениң менен жерде жасаўшылардың арасындағы дүзген келисимимниң белгиси болады.