Юхан 11
11
Лазардың өлими
1-2Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди. Кейинирек Ийемизге әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди. 3Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди.
4Ийса буны еситип:
– Бул аўырыўдың изи өлим менен жуўмақланбайды, ал Қудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Қудайдың Улы да уллыланады, – деди.
5Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди. 6Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Өзи болып атырған жерде және еки күн қалды.
7Соңынан шәкиртлерине:
– Және Яҳудияға барайық, – деди.
8Шәкиртлери Оған:
– Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас боран қылмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди.
9Ийса жуўап берип:
– Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, өйткени ол бул дүньяның нурын көреди. 10Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди.
11Ийса бул сөзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди:
– Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман.
12– Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери.
13Ийса Лазардың өлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады.
14Сонда Ийса оларға ашық айтып:
– Лазар өлди. 15Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди.
16Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге:
– Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге өлемиз, – деди.
Ийса – қайта тирилиў ҳәм өмир
17Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына төрт күн болғанын билди. 18Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан, 19көп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының өлими себепли кеўил айтыўға келди. 20Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды.
21Марта Ийсаға:
– Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди. 22Бирақ ҳәзир де Сен Қудайдан не сорасаң да, Қудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди.
23Ийса оған:
– Сениң әжағаң тириледи, – деди.
24– Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта.
25Ийса оған:
– Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды. 26Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан өлмейди. Усыған исенесең бе? – деди.
27Марта Оған:
– Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масийх, Қудайдың Улы екениңе исенемен, – деди.
28Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып:
– Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады.
29Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти. 30Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди. 31Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын көрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди.
32Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны көрип, аяқларына жығылды да:
– Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам өлмес еди, – деди.
33Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын көргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды.
34– Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады.
– Ийем, келип көр, – деди олар.
35Ийса көзине жас алды.
36Сонда яҳудийлер:
– Қараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди.
37Бирақ олардың айырымлары:
– Соқырдың көзлерин ашқан бул Адам Лазарды өлимнен аман алып қала алмас па еди? – деди.
Ийсаның Лазарды тирилтиўи
38Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Қәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди. 39Ийса:
– Тасты алып қойыңлар, – деди.
Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға:
– Ийем! Ол ийисленип кеткен шығар. Өйткени оның қәбирге қойылғанына төрт күн болды, – деди.
40Ийса оған:
– «Егер Маған исенсең, Қудайдың уллылығын көресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди.
41Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса көзлерин аспанға тигип, былай деди:
– Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен. 42Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым.
43Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен:
– Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды.
44Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға:
– Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.
Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў
(Мат 26:1-5; Мрк 14:1-2; Лук 22:1-2)
45Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин көрген яҳудийлердиң көбиси Ийсаға исенди. 46Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди. 47Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып:
– Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам көп кәраматлы белгилер ислемекте. 48Егер Оны Өз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди.
49Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа:
– Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер. 50Пүткил халық набыт болғанынан гөре, халық ушын бир адамның өлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди.
51-52Ол бул сөзлерди өзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан, Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Қудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын өлетуғынын болжап айтқан еди.
53Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны өлтириўге тил бириктирди. 54Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шөлге жақын жердеги Эфрайым деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды.
55Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен көп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди. 56Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып:
– Қалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады. 57Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.
Currently Selected:
Юхан 11: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022