Юхан 12
12
Ийса Бетанияда
(Мат 26:6-13; Мрк 14:3-9)
1Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. 2Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. 3Сонда Мәриям кишкене гүзе менен жүдә қымбат туратуғын, сап нардтан алынған әтир майды алып келип, Ийсаның аяқларына жақты ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши әтир майдың хош ийисине толып кетти.
4Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот:
5– Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
6Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди.
7Ийса:
– Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. 8Жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, ал Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман, – деди.
9Көплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол өлимнен тирилткен Лазарды көриў ушын да келди. 10Сонда бас руўханийлер Лазарды да өлтириўге тил бириктирген еди. 11Өйткени ол себепли көп яҳудийлер Ийсаға ерип, Оған исенетуғын болды.
Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи
(Мат 21:1-11; Мрк 11:1-11; Лук 19:28-40)
12Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. 13Олар пальма ағашының шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди:
«Ҳосанна!#12:13 Ҳосанна! – «Қутқара гөр!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.
Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын
Израилдың Патшасы жарылқансын!»#12:13 Заб 117:25-26.
14-15Мухаддес Жазыўда:
«Қорқпа, қыз Сион#12:14-15 Қыз Сион – Ерусалим.!
Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр»#12:14-15 Зхр 9:9., –
деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.
16Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.
17Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди. 18Сонлықтан Ийсаның бул кәраматлы белгини ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. 19Ал парисейлер бир-бирине:
– Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
Ийсаның Өз өлими ҳаққында алдын ала айтыўы
20Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди. 21Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип:
– Мырза, бизлер Ийсаны көриўди қәлеймиз, – деп өтиниш етти.
22Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады.
23Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди. 24Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди. 25Өз жанын қәдирлейтуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын аямайтуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды. 26Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди.
27Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. 28Әке, Өз атыңды уллыла!
Сонда аспаннан:
– Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди.
29Сол жерде турып, буны еситкен аламан ишинен айырымлары: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди.
30Ийса оларға жуўап берип:
– Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. 31Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими#12:31 Бул дүньяның ҳәкими – шайтан. қуўып шығарылады. 32Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди.
33Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты.
34Халық Оған былай деп жуўап берди:
– Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масийхтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Қалай Сен: «Адам Улы жоқарыға көтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким?
35Ийса былай деди:
– Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Қараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди. 36Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар.
Ийса усы сөзлерди айтып болып, олардың көзлеринен тасаланды.
Яҳудийлердиң Ийсаға исенбеўи
37Ийса олардың көз алдында сонша кәраматлы белгилер көрсетсе де, олар Ийсаға исенбеди. 38Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сөзлери орынланды:
«Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?
Жаратқан Ийениң күш-қүдирети кимге аян болды?»#12:38 Ийш 53:1.
39Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди:
40«Қудай олардың көзлерин соқыр етти,
Жүреклерин тас қылды.
Көзлери менен көрмейди,
Жүреклери менен түсинбейди.
Мен оларға шыпа бериўим ушын,
Маған қайтып келмейди»#12:40 Ийш 6:10..
41Ийшая Ийсаның уллылығын көргенликтен, Ол ҳаққында сөйлеп, усы сөзлерди айтқан еди.
42Соған қарамастан, басшылар арасында да көбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады. 43Өйткени олар Қудайдың мақтаўынан гөре, адамның мақтаўын көбирек жақсы көрди.
Ақырғы күн ҳәм ҳүким
44Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди:
– Маған исенген адам Мени Жиберген Қудайға исенген болады. 45Және де, Мени көрген адам Мени Жиберген Қудайды көрген болады. 46Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
47Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса#Юхн 12:47 орынламаса – Базы қолжазбаларда «исенбесе»., Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим. 48Мени тән алмай, сөзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сөйлеген сөзим ақырғы күни оны ҳүким етеди. 49Өйткени Мен Өзлигимнен сөйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Әкемниң Өзи не айтыўымды ҳәм қалай сөйлеўимди Маған буйырды. 50Оның буйрығының мәңгилик өмирге жетелейтуғынын билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Әкемниң Маған айтқанын айтып атырман.
Currently Selected:
Юхан 12: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: