YouVersion Logo
Search Icon

Юхан 14

14
Ийса – жол, ҳақыйқат ҳәм өмир
1Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер. 2Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман. 3Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен. 4Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер.
5Томас Ийсаға:
– Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди.
6Ийса оған былай деди:
– Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды. 7Егер Мени билсеңлер, Әкемди де билесизлер. Аўа, Оны билесизлер, себеби Оны көрдиңлер.
8Филип Ийсаға:
– Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли, – деди.
9Ийса оған былай деди:
– Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени көрген Әкени көрген болады. Сен не ушын: «Бизлерге Әкени көрсет», – деп айтып атырсаң? 10Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сөзлеримди Өзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Әке Өз ислерин ислеп атыр. 11Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер. 12Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман. 13Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. 14Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.
Ийсаның Мухаддес Руўхты ўәде етиўи
15– Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар. 16Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жақлаўшыны жибереди. 17Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады. 18Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен. 19Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып көрмейди. Бирақ сизлер Мени көресизлер. Өйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер. 20Сол күни сизлер Мениң Әкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер. 21Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен.
22Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға:
– Ийем, бул қалай болғаны, Өзиңди дүньяға емес, бизлерге көрсетежақсаң ба? – деди.
23Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сөзимди орынлайды. Әкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз. 24Мени сүймеген адам сөзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сөзлер Меники емес, ал Мени жиберген Әкемдики.
25Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым. 26Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жақлаўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди. 27Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Өз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар.
28Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Әкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Әкем Меннен уллы. 29Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым. 30Сизлер менен енди көп сөйлеспеймен. Өйткени бул дүньяның ҳәкими#14:30 Бул дүньяның ҳәкими – шайтан. киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ. 31Бирақ бул дүнья Мениң Әкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Қәне турыңлар, бул жерден кетейик.

Currently Selected:

Юхан 14: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in