YouVersion Logo
Search Icon

Юхан 21:15-17

Юхан 21:15-17 КРКМК22

Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Шимон Петрден: – Юхан улы Шимон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Қозыларымды отлат, – деди. Ийса екинши мәрте оннан: – Юхан улы Шимон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Қойларымды бақ, – деди. Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юхан улы Шимон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады. Петр Оның өзинен үшинши мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Қозыларымды отлат.