Лука 10
10
Ийсаның жетпис еки шәкиртин жибериўи
1Буннан кейин, Ийемиз басқа жетпис еки#Лук 10:1 жетпис еки – Базы қолжазбаларда «жетпис». Және 17-аятта да сондай. шәкиртин таңлап алып, Өзи барғысы келип жүрген ҳәр бир қала ҳәм орынларға оларды екеў-екеўден Өзинен бурын жиберип атырып 2былай деди:
– Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар. 3Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман. 4Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер. 5Қайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер. 6Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, өзлериңизге қайтады. 7Сол үйде қалып, бергенин ишип-жеңлер. Өйткени мийнет еткен адам өз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге көшип жүрмеңлер. 8Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер. 9Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Қудайдың Патшалығы жақынлады», – деңлер. 10Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, көшеге шығып: 11«Қалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Қудайдың Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар. 12Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының#10:12 Жар 19:24-28. аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
Тәўбе етпеген қалалар
(Мат 11:20-24)
13– Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан аза кийимин кийип, басына күл шашып, тәўбе етер еди. 14Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 15Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң.
16Ийса шәкиртлерине және былай деди:
– Ким де ким сизлерди тыңласа, Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
Жетпис еки шәкирттиң қайтып келиўи
17Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип:
– Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди.
18Ийса оларға:
– Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин көрдим. 19Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды. 20Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди.
21Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди:
– О, Әке, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
22Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Улдың ким екенин Әкеден басқа ҳеш ким билмейди. Әкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
23Соңынан Ийса шәкиртлерине бурылып оларға айрықша былай деди:
– Сизлердиң көрип атырғаныңызды көрип турған көзлер бахытлы! 24Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
Мийримли самариялы
25Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап көриў ушын, Оннан:
– Устаз, мәңгилик өмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.
26Ийса оған:
– Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди.
27Ол жуўап берип:
– «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүрегиң, жан-тәниң, бар күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй»#10:27 Нзм 6:5.. Және де: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»#10:27 Леб 19:18., – делинген, – деди.
28Ийса оған:
– Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.
29Бирақ ол өзин ақлағысы келип, Ийсадан:
– Мениң жақыным ким? – деп сорады.
30Ийса оған былай деп жуўап қайтарды:
– Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Қарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, өлимши етип таслап кетипти. 31Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. 32Бир лебийли#10:32 Лебийли – лебий урыўына тийисли адам. Олар Ибадатханада хызмет еткен. 1Жлн 23:28-32. де сол жерге келип, оны көрип, басқа жаққа бурылып кетипти. 33Бирақ сол жерден өтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны көргенде жаны ашыпты. 34Оның жанына барып, жарақатларын шарап пенен жуўыпты ҳәм май жағып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, ғамхорлық көрсетипти.
35Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық қәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң төлеймен», – депти. 36Енди усы үшеўиниң қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
37Нызам муғаллими:
– Оған мийримлилик көрсеткени, – деди.
Ийса оған:
– Бар, сен де усылай исле, – деди.
Мәриям ҳәм Марта
38Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти. 39Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сөзлерин тыңлады. 40Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип:
– Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир өзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди.
41Бирақ Ийса оған жуўап берип:
– Эҳ, Марта, Марта, сен көп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең. 42Тек бир нәрсе ғана зәрүр. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.
Currently Selected:
Лука 10: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022