YouVersion Logo
Search Icon

Лука 19

19
Салықшы Зақайдың қутқарылыўы
1Ийса Ерихо қаласына кирип, оның ишинен өтти. 2Сол жерде Зақай атлы бир адам бар еди. Өзи салықшылардың баслығы болып, бай адам еди. 3Ол Ийсаның қандай екенлигин көриўге урынды. Бирақ адамлар көп болғанлықтан, көре алмады. Өйткени оның бойы пәс еди. 4Ийсаны көриў ушын ол алға қарай жуўырып, жабайы әнжир терегине шығып алды. Себеби Ийса усы жерден өтиўи керек еди. 5Ийса сол жерге келгенде жоқарыға қарап, оған:
– Зақай, тезирек төмен түс! Бүгин сениң үйиңде қалыўым керек, – деди.
6Ол тезлик пенен төмен түсип, Ийсаны қуўаныш пенен қабыл алды. 7Буны көргенлердиң ҳәммеси:
– Ол гүнакар адамның үйине қонаққа барды, – деп наразылық билдире баслады.
8Бирақ Зақай орнынан турып, Ийемизге:
– Ийем, мал-мүлкимниң ярымын жарлыларға беремен. Егер кимниң ҳақын жеген болсам, төрт есе артығы менен қайтарып беремен, – деди.
9Сонда Ийса:
– Бүгин бул үйге қутқарылыў келди. Өйткени бул адам да Ибрайымның урпағы. 10Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди.
Он мина ҳаққында тымсал
(Мат 25:14-30)
11Буларды тыңлап отырғанларға Ийса тымсал менен сөзин даўам етти. Өйткени Ол Ерусалимге жақынласып қалғанлықтан, олар: «Қудайдың Патшалығы жақын арада келеди», – деп ойлаған еди. 12Сонлықтан Ийса былай деди:
– Бир ақсүйек адам өзине патшалық бийлигин алып қайтыў ушын, узақ елге кетпекши болыпты. 13Ол өзиниң он хызметшисин шақырып алып: «Мен қайтып келемен дегенше, бул ақшаны айланысқа салыңлар», – деп, оларға он мина#19:13 Он мина – бир мина жумысшының үш айлық ис ҳақысы. берипти. 14Бирақ оған қараслы пуқаралар оны жек көретуғын еди. Сонлықтан оның изинен ўәкиллерин жиберип: «Оның бизлердиң үстимизден патша болыўын қәлемеймиз», – деп хабар жоллапты.
15Бирақ ол патша болып қайтып келгенде, өзи берген ақшалар менен ким қанша арттырғанын билиў ушын хызметшилерин өзине шақыртыпты. 16Бириншиси келип: «Хожайын! Сизиң бир минаңыз және он мина арттырды», – депти. 17Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы хызметшим! Кишкене исте исенимли болғаның ушын, сен он қала үстинен басқарыўға бийлик аласаң», – депти.
18Екиншиси келип: «Хожайын, сизиң бир минаңыз және бес мина арттырды», – депти. 19Хожайыны оған да: «Сен бес қаланың үстинен басқарыўшы боласаң», – депти.
20Соңынан басқасы да келип: «Хожайын! Мине, сизиң минаңыз. Мен оны бет орамалға түйип сақладым. 21Мен сизден қорқтым. Себеби сиз қоймаған жериңизден алып, екпеген жериңизден оратуғын қатал адамсыз», – депти. 22Хожайыны оған: «Ҳәй, жаман хызметши! Сени өз аўзыңнан шыққан сөзлериң менен айыплайман. Мениң қоймаған жерден алатуғын, екпеген жерден оратуғын қатал адам екенимди биледи екенсең, 23неге енди ақшамды айланысқа берип жибермедиң? Сонда мен қайтып келгенимде, оны пайдасы менен қайтарып алар едим», – депти. 24Соң қасында турғанларға қарап: «Оннан минаны алың да, он минасы барға бериңлер», – депти. 25«Хожайын, оның он минасы бар-ғо», – десипти олар. 26Сизлерге айтатуғыным: кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 27Енди үстилеринен патша болыўымды қәлемеген душпанларымды бул жерге алып келиң де, көзимниң алдында өлтириңлер, – депти патша.
Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи
(Мат 21:1-11; Мрк 11:1-11; Юхн 12:12-19)
28Усыларды айтып болғаннан кейин Ийса жол баслап, Ерусалимге қарай жүрди. 29Ол Зәйтүн таўы деп аталатуғын таўдың етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде еки шәкиртин жумсап, 30оларға былай деди:
– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған киргениңизде, еле ҳеш ким минбеген, байлап қойылған гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер. 31Егер биреў: «Оны неге шешип атырсызлар?» – деп сораса, «Ол Ийемизге керек», – деп айтыңлар.
32Жиберилгенлер барып, Ийсаның өзлерине айтқанларын анық тапты. 33Олар гүррени шешип атырғанда, оның ийелери:
– Гүррени неге шешип атырсызлар? – деп сорады.
34Олар:
– Ол Ийемизге керек, – деп жуўап берди.
35Олар гүррени Ийсаға алып келди. Оның үстине өзлериниң шапанларын жаўып, оған Ийсаны миндирди. 36Ийса баратырғанда, адамлар жолға шапанларын төседи.
37Ийса Зәйтүн таўынан төмен түсетуғын жерге жақынлағанда, Оның барлық шәкиртлериниң топары өзлери көрген барлық кәраматлары ушын қуўанышлы түрде бәлент даўыс пенен Қудайға мақтаўлар айта баслады:
38«Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын Патша жарылқанған!
Аспанда тынышлық, ең жоқарыдағы Қудайға алғыс болсын!»#19:38 Заб 117:26.
39Халық арасында турған гейбир парисейлер Ийсаға:
– Устаз, шәкиртлериңе тыйым сал, – деди.
40Ийса оларға:
– Сизлерге айтатуғыным: егер олар үндемей қалса, таслар бақырады, – деди.
41Ийса Ерусалимге жақынлағанда оны көрип жылап жиберди де:
42– Оҳ, ҳеш болмаса усы күниңде тынышлығыңа нелер керек екенин билсең еди! Бирақ бул ҳәзир сениң көзлериңнен жасырылған. 43Душпанларың қалаға кириў ушын топырақ үйип, сени қоршап, жән-жақтан қысатуғын күнлер басыңа түседи. 44Олар сени ҳәм сениң ишиңдеги балаларыңды жер менен жексен қылады. Сенде тас үстинде тас қалдырмайды. Өйткени сен Қудайдың саған қутқарылыў ушын берген мүмкиншилигине итибар бермедиң, – деди.
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
(Мат 21:12-17; Мрк 11:15-19; Юхн 2:13-22)
45Соңынан Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшыларды қуўып шығара баслады. 46Оларға:
– «Мениң Үйим дуўа ететуғын үй болады»#19:46 Ийш 56:7., – деп Мухаддес Жазыўда жазылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар!#19:46 Ерм 7:11. – деди.
47Ийса ҳәр күни Ибадатханада тәлим беретуғын еди. Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм халық басшылары Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. 48Бирақ буның илажын таба алмады, себеби пүткил халық Ийсаның сөзлерин жан-тәни менен тыңлайтуғын еди.

Currently Selected:

Лука 19: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in