YouVersion Logo
Search Icon

Лука 23

23
Ийсаның Пилатқа апарылыўы
(Мат 27:1-2, 11-14; Мрк 15:1-5; Юхн 18:28-38)
1Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да, 2Оны былай деп айыплай баслады:
– Бизлер бул адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим императорына салық төлеўге қарсы шығып, Өзин Масийхпан, яғный Патшаман деп атайды.
3Пилат Ийсадан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айтып турсаң, – деп жуўап берди.
4Пилат бас руўханийлер менен халыққа:
– Мен бул адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди.
5Бирақ олар айтқанынан қайтпай:
– Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Өз тәлиматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – деди.
Ийса Ҳирод алдында
6Пилат буны еситкенде:
– Бул адам галилалы ма? – деп сорады.
7Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың өзи де Ерусалимде еди. 8Ҳирод Ийсаны көргенде қатты қуўанды. Өйткени ол туўралы көп еситкенликтен, оны бурыннан көргиси келетуғын ҳәм бир кәраматлы белги көрсетер деп үмитленетуғын еди. 9Ол Ийсаға көп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди. 10Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады. 11Ҳирод та өз әскерлери менен бирге оны кемситип масқаралады да, оған патшалық липас кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди. 12Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды.
Өлим ҳүкими
(Мат 27:15-26; Мрк 15:6-15; Юхн 18:39-40; 19:1-16)
13Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып, 14оларға:
– Сизлер маған бул адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң көз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де оннан таппадым. 15Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, оны бизлерге қайтарып жиберди. Көрип турғаныңыздай, ол өлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген. 16Сонлықтан оны жазалап, босатып жиберемен, – деди. [17#Лук 23:17 Базы қолжазбаларда 17-аят та бар: «Пилат ҳәр Қутқарылыў байрамында олар ушын бир тутқынды босатып жибериўи керек еди».]
18Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан:
– Бул адамды жоқ қыл! Бизлерге Бараббаны босатып бер! – деп бақырысты.
19Барабба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам өлтиргени ушын қамалған еди.
20Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сөйледи.
21Бирақ олар:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты.
22Пилат үшинши рет оларға:
– Ол қандай жаманлық иследи? Мен оннан өлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди.
23Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында өз дегенлерине еристи. 24Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти. 25Олардың сораған адамын, қозғалаң көтергени ҳәм адам өлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды.
Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи
(Мат 27:32-44; Мрк 15:21-32; Юхн 19:17-27)
26Әскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Шимон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи.
27Ийсаның изине жүдә көп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди. 28Ийса оларға бурылып былай деди:
– Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ өзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар. 29Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген көкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди. 30Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», төбешиклерге: «Бизлерди жерлеңлер!»#23:30 Ҳош 10:8. – деседи. 31Өйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен?
32Ийса менен бирге еки жынаятшыны да өлимге алып барды. 33«Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди. 34Ийса:
– Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди.
Әскерлер шек таслап, Ийсаның кийимлерин бөлисти#23:34 Заб 21:19..
35Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип:
– Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Қудайдың жиберген Масийхы, Қудайдың Таңлағаны болса, Өзин Өзи қутқарсын, – деди.
36Әскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип:
37– Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Өзиңди Өзиң қутқар, – дести.
38Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген#Лук 23:38 Базы қолжазбаларда «…грек, латын ҳәм еврей тиллеринде» деген сөзлер де бар. жазыў бар еди.
39Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири:
– Сен Масийх емессең бе? Қәне, онда Өзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.
40Ал екиншиси оған кейип:
– Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба? 41Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди. 42Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа киргениңде, мени есиңе ал! – деди.
43Ийса оған:
– Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
Ийсаның жан тапсырыўы
(Мат 27:45-56; Мрк 15:33-41; Юхн 19:28-30)
44-45Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти. 46Ийса бәлент даўыс пенен бақырып:
– Әке! Руўхымды қолларыңа тапсыраман#23:46 Заб 30:6., – деди.
Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
47Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап:
– Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ адам екен, – деди.
48Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды көрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты. 49Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.
Ийсаның қәбирге қойылыўы
(Мат 27:57-61; Мрк 15:42-47; Юхн 19:38-42)
50-51Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Қудайдың Патшалығын күтип жүрген еди. 52Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. 53Оны атанақ ағаштан түсирип алып, зығыр кепинге орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды. 54Бул яҳудийлердиң таярлық күни#23:54 Таярлық күни – жума күни. болып, Шаббат күни кирип киятырған еди.
55Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын көрди. 56Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды.
Ал Шаббат күни Қудайдың буйрығы бойынша дем алды.

Currently Selected:

Лука 23: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in