Лука 8
8
Ийсаның изине ерген ҳаяллар
1Соңынан Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, Қудайдың Патшалығының Хош Хабарын жәриялап жүрди. Ийса менен бирге он еки шәкирти, 2және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям, 3Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да көплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине#Лук 8:3 Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине – Базы қолжазбаларда «Оған» (Ийсаға), басқаларында «оларға», (Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине). өз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди.
Туқым себиўши туўралы тымсал
(Мат 13:1-9; Мрк 4:1-9)
4Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, көп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сөз баслады:
5– Бир туқым себиўши өз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты. 6Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, көгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге өсип, туншықтырып таслапты. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, өсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап:
– Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! – деди.
Тымсаллардың мақсети
(Мат 13:10-17; Мрк 4:10-12)
9Шәкиртлери Ийсадан:
– Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады.
10Ийса оларға былай деди:
– Қудайдың Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да:
«Олар қараса да, көрмейди,
Тыңласа да, түсинбейди»#8:10 Ийш 6:9..
Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи
(Мат 13:18-23; Мрк 4:13-20)
11– Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Қудайдың сөзи. 12Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сөзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды. 13Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады. 14Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ өмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады. 15Ал өнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди#Лук 8:15 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! – деди»..
16Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
17Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
18Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның өзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады.
Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары
(Мат 12:46-50; Мрк 3:31-35)
19Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық көп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады. 20Адамлар Ийсаға:
– Анаң менен туўысқанларың Сени көрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады.
21Ийса оларға жуўап берип:
– Кимлер Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди.
Ийсаның даўылды тоқтатыўы
(Мат 8:23-27; Мрк 4:35-41)
22Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға:
– Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди.
Солай етип, олар жөнеп кетти. 23Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Көлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды. 24Шәкиртлери Ийсаның қасына барып:
– Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты.
Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды. 25Ийса шәкиртлерине:
– Исенимиңиз қәне? – деди.
Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине:
– Бул ким Өзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести.
Жинге шалынған адам
(Мат 8:28-34; Мрк 5:1-20)
26Олар Галиланың қарсысында жайласқан герасалылардың үлкесине қайық пенен жүзип барды. 27Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам көп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди. 28Ол Ийсаны көргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен:
– Қудай Тааланың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Өтинемен, мени қыйнама! – деди.
29Өйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шөлистанға айдап алып кетилетуғын еди.
30Ийса оннан:
– Атың ким? – деп сорады.
– Үлкен топар, – деп жуўап берди ол.
Себеби оның ишине көп жин кирген еди. 31Жинлер Ийсадан өзлерин туңғыйыққа жибермеўин өтинди.
32Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин өтинди. Ийса оларға рухсат етти. 33Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, батып кетти.
34Болған ўақыяны көрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады. 35Адамлар болған ўақыяны көриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын көргенде қорқып қалысты. 36Ўақыяны өз көзлери менен көргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди. 37Сонда герасалылардың үлкесиниң әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан өзлериниң үлкесинен кетиўин өтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти. 38Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға:
– Сениң менен бирге кетейин, – деп жалынды.
Бирақ Ийса оған:
39– Үйиңе қайтып, Қудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди.
Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады.
Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял
(Мат 9:18-26; Мрк 5:21-43)
40Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Өйткени ҳәмме Оны күтип турған еди. 41Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин өтинди. 42Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы өлим төсегинде жатыр еди.
Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди. 43Сол жерде он еки жылдан бери қан кетип аўырып жүрген, шыпакерлерге бары-жоғын сарп етсе де, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди. 44Ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады.
45Сонда Ийса:
– Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады.
Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр#Лук 8:45 Петр – Базы қолжазбаларда «Петр менен жанындағылар».:
– Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо#Лук 8:45 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Неге: „Маған ким қолын тийгизди?“, – деп сорайсаң?», – деди.
46Бирақ Ийса оған:
– Маған биреў қолын тийгизди, өйткени Мен Өзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди.
47Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Өзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди.
48Ийса оған:
– Қызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.
49Ийса усы сөзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирге:
– Қызыңыз өлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди.
50Бирақ Ийса буны еситип, оған:
– Қорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди.
51Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Өзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди. 52Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса:
– Жыламаңлар, ол өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди.
53Олар қыздың өлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди. 54Ийса#Лук 8:54 Базы қолжазбаларда «…олардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберип атырып» деген сөзлер де бар. қыздың қолынан услады да, даўыслап:
– Қызалақ, орныңнан тур! – деди.
55Қыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды. 56Қыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды.
Currently Selected:
Лука 8: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: