YouVersion Logo
Search Icon

Лука Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул китап Жаңа Келисимдеги төрт Хош Хабардың үшиншиси. Бул китапты Лука жазған. Ол елши Павелдиң садық досты болып, көп хызмет сапарларда бирге болған жақын жолдасы еди.
Ол Хош Хабардың даўамы сыпатында «Елшилердиң ислери» китабын да жазған. Лука бул китапты Ийса Масийхтың пүткил адамзат ушын ўәде етилген Қутқарыўшы екенин ҳәмме миллетлерге билдириў ушын жазады. Солай етип, ол Қудайдың қутқарылыў жобасының ишине тек яҳудийлер емес, ал басқа миллетлер де киретуғынын көрсетеди.
Лука өз китабында Ийсаның хызмети ҳәм тәлиматы ҳаққында сөз етеди. Масийхтың туўылыўынан баслап, аспанға көтерилиўине дейин болған ўақыяларды сүўретлейди ҳәм тарийхый ўақыяларды келтиреди.
Лука жазған Хош Хабарда басқа үш Хош Хабарға қарағанда «Адам Улы» деген ат көбирек қайталанып, Ийсаның дүньяны қутқарыў ушын келген Қудайдың ўәкили екенлиги көрсетиледи. Дуўа етиўге айрықша дыққат аўдарылып, Хош Хабарды еситкен адамлардың қуўанышы ҳәм Мухаддес Руўхтың тутқан орны атап өтиледи. Және де, сол заманда жәмийеттиң төменги қатламларына киретуғын ҳаялларға, жарлы адамларға ҳәм гүнакарларға деген Ийсаның ғамхорлығы ҳаққында айтылады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in