YouVersion Logo
Search Icon

Марк 14

14
Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў
(Мат 26:1-5; Лук 22:1-2; Юхн 11:45-53)
1Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына#14:1 Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамы – сөзликке қараң. еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип өлтириўдиң жолын излестирди.
2Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
Ийса Бетанияда
(Мат 26:6-13; Юхн 12:1-8)
3Ийса Бетанияда, бурын тери кеселлиги менен аўырған Шимонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста жүдә қымбатлы, сап нардтан алынған әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды. 4Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине:
– Бундай ысырапкершиликтиң не кереги бар? 5Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болатуғын еди, – десип, ҳаялды айыплай баслады.
6Бирақ Ийса:
– Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге қысындырып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи. 7Өйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 8Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады. 9Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
Яҳуданың сатқынлығы
(Мат 26:14-16; Лук 22:3-6)
10Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды. 11Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
Ийсаның Өз шәкиртлери менен Қутқарылыў байрамының асын жеўи
(Мат 26:17-25; Лук 22:7-13; Юхн 13:21-30)
12Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Қутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға:
– Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық көриўимизди қәлейсең? – деди.
13Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға:
– Қалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў көтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер. 14Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлмем қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер. 15Ол сизлерге төсеклер төселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди.
16Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
17Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди. 18Олар аўқатланып отырғанда, Ийса:
– Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
19Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан:
– Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады.
20Ийса оларға жуўап берип:
– Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол. 21Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
Ийсаның соңғы кешеси
(Мат 26:26-30; Лук 22:14-23; 1Кор 11:23-25)
22Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де:
– Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.
23Соң кесени алып, Қудайға шүкирлик билдирди де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти. 24Оларға:
– Бул – көп адамлар ушын төгилетуғын, жаңа келисимди бекитетуғын Мениң қаным. 25Сизлерге шынын айтып турман: Қудайдың Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди.
26Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында
(Мат 26:31-35; Лук 22:31-34; Юхн 13:36-38)
27Ийса оларға:
– Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған:
«Шопанды шаўып таслағанымда,
Қойлар тарқап кетеди»#14:27 Зхр 13:7..
28Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
29Петр Оған:
– Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди.
30Сонда Ийса оған:
– Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
31Бирақ Петр қызып кетип:
– Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди.
Қалғанларының ҳәммеси де солай деди.
Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи
(Мат 26:36-46; Лук 22:39-46)
32Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине:
– Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
33Петр, Яқып ҳәм Юханды Өзи менен бирге алып кетти. Ол қатты қәўетерленип, қыйнала баслады. 34Оларға:
– Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди.
35Ийса бираз шетирекке барып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Өзинен шетлеп өтиўин сорап, дуўа ете баслады.
36– Әке, Әкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен аўлақ қыл. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди.
37Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге:
– Шимон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба? 38Сергек болыңлар! Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
39Ол және барып, сол сөзлерин айтып, дуўа етти. 40Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди.
41Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға:
– Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи. 42Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
Ийсаның қолға алыныўы
(Мат 26:47-56; Лук 22:47-53; Юхн 18:3-12)
43Тап сол ўақытта, Ийса еле сөйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди. 44Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди.
45Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған:
– Устаз! – деп, Оны сүйди.
46Ал адамлар Ийсаға тәп берип, услап алды. 47Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бир силтеп, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады. 48Сонда Ийса оларға:
– Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 49Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди.
50Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
51Денесине зығыр таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда, 52ол оранған таўарын таслап, ишки кийим менен қашып кетти.
Ийса жоқарғы кеңес алдында
(Мат 26:57-68; Лук 22:54-55, 63-71; Юхн 18:13-14, 19-24)
53Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды. 54Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды. 55Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады.
56Себеби көп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди.
57Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип:
58– Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслайман ҳәм үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди.
59Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди.
60Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан:
– Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
61Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және:
– Алғысланғанның Улы – Масийх Сенбисең? – деп сорады.
62Ийса:
– Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын#14:62 Заб 109:1. ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер#14:62 Дан 7:13., – деди.
63Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып:
– Енди бизлерге гүўалардың не кереги бар? 64Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди.
Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.
65Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған:
– Қәнекей, ўәлийлик ет, – дести.
Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды.
Петрдиң Ийсадан таныўы
(Мат 26:69-75; Лук 22:56-62; Юхн 18:15-18, 25-27)
66Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди. 67Ол отқа жылынып отырған Петрди көрип, оған тигилип қарады да:
– Сен де сол насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
68Бирақ Петр танып:
– Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти#Мрк 14:68 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сол ўақытта қораз шақырды»..
69Шоры қыз оны көрип, сол жердегилерге және:
– Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады.
70Бирақ Петр және танды.
Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге:
– Ырасында да, сен солардың бирисең, өйткени галилалысаң-ғо#Мрк 14:70 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сениң сөйлеўиң жүдә уқсас»., – деди.
71Ол:
– Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, алдасам нәлет жаўсын, – деп ант ишти.
72Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның өзине: «Қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи есине түсип, жылап жиберди.

Currently Selected:

Марк 14: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in